Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеӊесине 14-"Бердах" сайлаў округинен сайланған депутат С.Сайымованыӊ Мәденият аўыл пуқаралар жыйыны аймағында сайлаўшылар менен ушырасыўы болып өтти. Ушырасыўда дәслеп депутат тәрепинен мәмлекетимизде әмелге асырылып атырылған реформалар барысы, сондай-ақ, жаңадан қабыл етилген нызам ҳәм қарарлар, мәмлекетлик бағдарламалардың әҳмийети, мазмун-мәниси ҳаққында мағлыўмат берилип, бул бағдарда аймақта әмелге асырылатуғын жумыслар ҳаққында таныстырды. Буннан соӊ ҳаял-қызлардыӊ жәмийеттеги белсендилигин арттырыў, социаллық қорғаўға мүтәж, кем тәмийинленген шаӊарақларды қоллап-қуўатлаў бағдарындағы иләжлар бойынша аймақ белсендилери менен пикир алысылды. Пуқаралар тәрепинен билдирилген мүрәжатлар тийисли тараў ўәкиллери менен депутатлық қадағалаўға алынды.