Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Президент Қарорининг ижроси депутат назоратида. Ўзбекистон Республикаси Президентининг 2025-йил 27-декабр кунги “2025-2028-йилларда Ўзбекистон Республикасининг ижтимоий ва ишлаб чиқариш инфратузилмасини ривожлантириш чора-тадбирлари тўғрисида”ги ПҚ-393-сонли қарорига асосан Хонобод шаҳар санитария-эпидимиологик осойишталик ва жамоат саломатлиги бўлими биносини мукаммал таъмирлаш режалаштирилган бўлиб депутат А.Абдувалиев ҳолат юзасидан депутатлик назоратини олиб бормоқда. @XonobodKengash
янв.21
Президент Қарорининг ижроси депутат назоратида. Ўзбекистон Республикаси Президентининг 2025-йил 27-декабр кунги “2025-2028-йилларда Ўзбекистон Республикасининг ижтимоий ва ишлаб чиқариш инфратузилмасини ривожлантириш чора-тадбирлари тўғрисида”ги ПҚ-393-сонли қарорига асосан Хонобод шаҳридан ўтган «М41» Бишкек-Душанбе-Термиз автомобиль йўлининг 582,2 км қисмида жойлашган носоз кўприкни реконструкция қилиш режалаштирилган бўлиб депутат А.Абдувалиев ҳолат юзасидан депутатлик назоратини олиб бормоқда. @XonobodKengash
янв.21
Xalq deputatlari Xonobod shahar Kengashining navbatdan tashqari sessiyasi boʻlib oʻtdi. Sessiya kun tartibida shahar Kengashiga rais saylandi. Raislikka koʻrsatilgan nomzodlardan Mamatov Jalolidin Laʼtibjonovichni siyosiy partiya raislari va shahar deputatlari bir ovozdan tasdiqladi. Shu munosabat bilan Kengash raisi J.Mamatovga kelgusi ishlarida kuch-quvvat, sihat-salomatlik va yuksak samaradorlik tilaymiz.
янв.21
Xalq deputatlari Xonobod shahar Kengashining navbatdagi VII-chaqiriq 14-sessiyasi bo‘lib o‘tdi. Sessiya ishida bir qator muhim masalalar ko‘rib chiqildi. Ushbu sessiyada deputatlar tomonidan tegishli qarorlar qabul qilindi va ularning ijrosini ta’minlash bo‘yicha mutasaddilarga topshiriqlar berildi.
янв.21
Xalq deputatlari Xonobod shahar Kengashining Mahalliy budjet, tadbirkorlikni rivojlantirish va iqtisodiy islohotlar bo‘yicha doimiy komissiya yig'ilishi bo'lib o'tdi
янв.21
Бугун Халқ депутатлари Хонобод шаҳар Кенгашининг еттинчи чақириқ тщртинчи сессияси ўтказилди
янв.21
O‘zbekiston Respublikasi Vazirlar Mahkamasining 2025-yil 6-yanvar kungi “Davlat maktabgacha ta’lim tashkilotlarida sog‘lom ovqatlantirish tartibini takomillashtirish chora-tadbirlari to‘g‘risida”gi 1-sonli qarori ijrosi yuzasidan
янв.21
Халқ депутатлари Хонобод шаҳар Кенгашининг "Саъноат, қурилиш, коммунал, сув хўжалиги ва экология масалалари бўйича доимий комиссия" йиғилиши ўтказилди. Йиғилишда Хонобод шаҳар Ободонлаштириш бошқармаси бошлиғи И.Якубовнинг 2024-йил 12 ой давомида амалга оширилган ишлари ҳамда 2025-йилдаги режалари юзасидан ахбороти мухокама қилинди.
янв.21
Бугун Халқ депутатлари Хонобод шаҳар Кенгашининг еттинчи чақириқ учинчи сессияси ўтказилди
янв.21
Xonobod shahrida kam ta'minlangan oilalarning daromadini oshirish maqsadida deputatlar hamda mahalla hodimlari hamkorligida ishlar olib borilmoqda.
Қоллап-қуўатлаўдан турақлы абаданлыққа қарай: кәмбағаллықтан шығыў формуласы

 Президентимиз тәрепинен мәмлекетти комплексли раўажландырыў, халықты социаллық қорғаў, пуқаралардың саламатлығы, экология, жаслар тәрбиясына айрықша итибар қаратыў, перспективалы жойбарларды әмелге асырыўда машқалалар болыўына қарамастан, оларды шешиў ушын
инвестицияларды тартыў, нормативлик ҳүжжетлерди халық мәпи жолында қайта көрип шығыў, белгиленген көрсеткишлер орнына узақ мүддетли стратегия ҳәм реал нәтийжелерге айрықша итибар қаратпақта. 2026-жылды елимизде “Мәҳәллелерди раўажландырыў ҳәм жәмийетти илгерилетиў жылы” деп жәриялаўды усыныс етти.
 

-Елимизде кәмбағаллық дәрежеси жыл басындағы 8,9 проценттен 5,8 процентке түсти. Бул жумысларды баслағанымызда халықтың үштен бир бөлеги кәмбағаллық шегарасында жасайтуғын еди. Кредит, субсидия, компенсация сыяқлы жүзден аслам хызмет арқалы социаллық қорғаўдың пүткиллей жаңа системасын жолға қойғанымыз ҳәм оларды мәҳәлледеги "жетилик"тиң өзине бергенимиз нәтийжесинде 8,5 миллионнан аслам адам кәмбағаллықтан шықты, жумыссызлық 2 есеге қысқарды. Нәтийжеде үш жыл алдын кәмбағаллықты 2026-жылдың ақырына шекем 2 есеге қысқартыў бойынша алған мақсетимизди усы жылдың өзинде орынладық."- деди ПрезидентимизОлий Мажлиске ҳәм Өзбекстан халқына жоллаған Мүрәжатында. 

Соның менен бирге Президентимиз басшылығында халықты жумыс пенен тәмийинлеў бойынша өткерилген мәжилисте усы жылы 1 миллион халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм жумыссызлық дәрежесин 4,5 процентке түсириў бойынша тапсырма берди. Сондай-ақ, 181 мың шаңарақты кәмбағаллықтан шығарыў, абат мәҳәллелерди көбейтиўди алдымызға мақсет етип қойды. 

2021-жылы Өзбекстан ҳүкимети Жәҳән банки жәрдеминде кәмбағаллықты өлшеўдиң жаңа методологиясын енгизди ҳәм 2026-жылға шекем кәмбағаллықты еки есеге қысқартыўды өз алдына исенимли мақсет етип қойды. Бул шаңарақларды үйрениў бойынша жаңа, ҳәзирги ўақытта пайдаланыў мүмкин болған мағлыўматлар менен бир қатарда, елимизде кәмбағаллықты қысқартыў бағдарындағы раўажланыўды миллий ҳәм
халықаралық стандартлар бойынша баҳалаў имканиятын береди.
 

 Бундай көзқарас кәмбағаллықты заманагөй жақтан түсиниўди сәўлелендиреди: бул тек ғана дәраматлардың төменлиги емес, ал шаңарақтың турмыс қәўип-қәтерлери алдындағы әззилиги. Соның ушын да бүгинги күнде бир мәртелик жәрдемге емес, ал адамлардың мүтәжликтен турақлы
шығыўы ушын шараят жаратыўға көбирек итибар қаратылмақта. Көбинесе кәмбағаллық жеке сәтизлик сыпатында қабыл етиледи
. Бирақ,
ҳәзирги заман изертлеўлери ҳәм әмелий тәжирийбелер соны көрсетпекте: кәмбағаллық шаңарақ турақлы белгисизлик шараятында жасағанда қәлиплеседи. Кеселлик, жумыстан айрылыў, мәўсимлик табыс ямаса күтилмеген шығынлар қәлеген ўақытта нәзик тең салмақлылықты бузыўы мүмкин. Заманагөй кәмбағаллыққа қарсы гүресиў сиясатының тийкарында экономика бойынша Нобел сыйлығының лауреатларыт Абхиджит Банерджи ҳәм Эстер Дюфло авторлығындағы "Кәмбағаллық экономикасы" китабында келтирилген жуўмақларына үнлес идеялар жатады.
Авторлар ҳәр қыйлы мәмлекетлердеги реал изертлеўлер тийкарында мысаллар көрсетеди: кәмбағаллық ериншеклик ямаса умтылыслардың жоқлығы нәтийжеси емес, ал кем тәмийинленген шаңарақлар ҳәр күни дус келетуғын көплеген майда, бирақ системалы шеклеўлер нәтийжеси есапланады. Соның ушын кәмбағаллыққа қарсы гүресиўде нәтийжели сиясат қәўип-қәтерлерди азайтыў ҳәм шаңарақтың тийкарғы қәўипсизлигин беккемлеўден басланады - мине, усы принцип бүгинги күнде өзин-өзи басқарыў уйымлары арқалы әмелге асырылмақта. Әмелияттың көрсетип атырғанындай, бир неше өз-ара байланысқан элементлер бир ўақыттың өзинде ислесе, кәмбағаллықтан турақлы шығыў мүмкин. Бул логиканы әпиўайы формула көринисинде анлатыў мүмкин:
 

Социаллық қорғаў + денсаўлық + турақлы дәрамат + мәҳәллениң раўажланыўы = шаңарақтың
турақлы абаданлығы.
 

v Үй жанындағы социаллық қорғаў. 

Пуқаралар жыйынлары арқалы мәнзилли қоллап-қуўатлаўға мүтәж шаңарақларды өз ўақтында анықлаў ҳәм артықша тосқынлықсыз жәрдем бериў имканиятын береди. Бул адамларға қәўипсизлик ҳәм ертеңги күнге исеним сезимин береди. v Саламатлық - дәрамат
тийкары.
 

Шаңарақтың бир ағзасының наўқасланыўы көбинесе пүткил шаңарақтың табысынан айырылыўына алып келеди. Соның ушын арзан медицина ҳәм профилактика - бул қәрежет емес, ал шаңарақлардың экономикалық турақлылығына инвестиция болып
есапланады.
 

v Турақлы, лекин, аз да болса дәрамат.  

Тийкарғысы - бир мәртелик дәрамат емес, турақлы дәрамат дәреги. Үй қапталы мөлдек жери, шаңарақлық исбилерменлик, кәсиплик көнликпелер - әне усындай дәрамат түрлери шаңараққа келешекти режелестириў ҳәм өз жағдайын әсте-ақырынлық пенен жақсылаў имканиятын береди. Пуқаралар жыйыны- раўажланыў орайы сыпатында. 

Пуқаралар жыйыны тек ғана жасаў орны емес, ал қоллап-қуўатлаў, билимлендириў ҳәм бәнтлик мәканына айланса, адамлардың өсиўи ушын реал
имканиятлар пайда болады. Бул, әсиресе, қәўип-қәтерге шалынған аймақлар, соның ишинде, Қарақалпақстан ушын оғада әҳмийетли.
 

   Кейинги жыллардың тәжирийбеси соны көрсетпекте:
экономикалық өсиў ҳәм санластырыў белгили бир шаңараққа шекем жетип барғанда жақсы нәтийже береди. Санлы хызметлер, "жасыл" жойбарлар, жаңа жумыс орынлары ҳәм инвестициялар - булардың барлығы тосқынлықларды азайтып, халықтың кең қатламы ушын имканиятларға жол ашады.
 

   Соның ушын Президентимиз Мүрәжатында жәмийеттиң келешектеги раўажланыўының тийкары сыпатында мәҳәллени раўажландырыў,
санластырыў ҳәм жасларды қорғаўға айрықша итибар қаратылды.
 

“Мәҳәллелерди раўажландырыў ҳәм жәмийетти илгерилетиў жылы" деп жәрияланған 2026-жыл социаллық әдилликти беккемлеў, шаңарақлардың абаданлығын арттырыў ушын жаңа имканиятлар ашады. Кәмбағаллықтан шығыў формуласы әпиўайы, бирақ системалы ҳәм избе-из әмелге асырылыўы зәрүр. 

Мәмлекетлик сиясат, мәҳәлле ҳәм шаңарақлардың ҳәрекети биргеликте ислессе, кәмбағаллық машқала болмайды ҳәм мүнәсип турмысқа алып шығатуғын жеңип болмайтуғын басқышқа айланады. Пуқаралар жыйынларын раўажландырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў, кәмбағаллықты азайтыў, киши ҳәм шаңарақлық бизнести қоллап-қуўатлаў, денсаўлық ҳәм билимлендириўге итибар - булардың барлығы адамлардың турмыс сапасын өзгертиўге реал имканият береди. 

Зульфия Сейиниязова,  

Халық депутатлары Нөкис
қалалық
Кеңесиниң депутаты.