Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Huquqiy maslahat olish imkoniyatlari yuzasidan uchrashuv o‘tkazildi
янв.21
“Mahalla yettiligi” tizimining samaradorligini oshirish Kotibiyatning doimiy e’tiborida
янв.21
Xalq deputatlari Xo‘jaobod tumani Kengashida ochiq muloqot va amaliy seminar bo‘lib o‘tdi
янв.21
Ijtimoiy himoya masalalari deputat e’tiborida!!!
янв.21
Sog‘liqni saqlash sohasidagi ishlar o‘rganildi
янв.21
Korrupsiyaga qarshi kurashish masalalari muhokama qilindi
янв.21
Dilkushod mahallasida amalga oshirilayotgan ishlar nazoratda
янв.21
Bayram oldidan bozorlarda narx-navo va savdo sharoitlari o‘rganildi
янв.21
So‘nggi qo‘ng‘iroq — yangi orzular sari muhim qadam
янв.21
So‘nggi qo‘ng‘iroq tadbirlari davom etmoqda
Мойнақта Мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери үйренилди

Мойнақта Мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери үйренилди

 

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты, ӨзХДП фракциясы ағзасы Б.Утамбетова, Өзбекстан ХДП Мойнақ районлық кеңеси баслығы А.Асенбаева, Халық депутатлары районлық Кеңеси депутаты, партия топары ағзасы К.Насировалар районындағы 17-санлы мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде болып үйрениў жумысларын алып барды.

 

Үйрениў даўамында мәкемеде санитариялық-гигиеналық талапларға әмел етилиўи, өрт қәўипсизлиги қағыйдаларына әмел етилиўи, электр үскенелеринен дурыс пайдаланыў жағдайы ҳәм балалардың қәўипсизлигин тәмийинлеўге қаратылған илажлар талланды.

 

Сондай-ақ, балалар ушын жаратылған шараятлар, азық-аўқат өнимлерин сақлаў, таярлаў процесслери көзден өткерилди. Билимлендириў шөлкеминиң жумысын және де нәтийжели шөлкемлестириў, бар кемшиликлерди сапластырыў ҳәм билимлендириўдиң сапасы және қәўипсизлик талапларын күшейтиў бойынша усыныслар берилди.

Slide 1 of 1