Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
GULSHAN-2 MAHALLASIDA FUQAROLAR MUROJAATLARI O‘RGANILDI
янв.21
GULSHAN-2 MAHALLASIDA QURILISH VA TA’MIRLASH ISHLARI O‘RGANILDI
янв.21
GULSHAN-2 MAHALLASIDA YO‘L QURILISHI VA OBODONLASHTIRISH ISHLARI O‘RGANILDI
янв.21
XIVA SHAHRIDA YANGI LOYIHA VA DASTURLAR IJROSI O‘RGANILDI
янв.21
KO‘P KVARTIRALI UYLARNI BOSHQARISH TO‘G‘RISIDAGI QONUN IJROSI O‘RGANILDI
янв.21
QONUNLAR IJROSI USTIDAN DEPUTATLIK NAZORATI OLIB BORILMOQDA
янв.21
DEPUTATLIK FAOLIYATI DOIRASIDA TEGISHLI TASHKILOTLARDAN AXBOROTLAR TALAB QILINDI
янв.21
MAHALLALARDA 24 TA MUHIM MASALA YUZASIDAN O‘RGANISH OLIB BORILDI
янв.21
SHAHARDA DASTURLAR IJROSI YUZASIDAN O‘RGANISH OLIB BORILDI
янв.21
MAHALLALARDA IJTIMOIY-IQTISODIY RIVOJLANISH VA INFRASTRUKTURANI YAXSHILASH MASALALARI O‘RGANILDI
#Мүнәсибет

 Хабарыңыз бар жақында Республикамыз бойлап Аўыл
ҳәм Мәкан пухаралар жыйынларына яғний өзин-өзи басқарыў уйымыларына сайлаўлар
болып өтти. Кегейли районындағы 8 АПЖ
ҳәм 8 МПЖ ларда сайлаўлар сонғы нызамларға муўапық әдил ҳәм ашкаралақ жағдайда
өткерилди. Халық ашық айдынлық принцплери тийкарында өзлери усынған
талабанларға даўыс берип демократиялық жол менен аўыл ақсақалларын сайлап алды.
Бул сайлаўлар жәмийет турмысында улкен әҳмийетке ийе. Себеби мәкан пухаралар
жыйынлары мәмлекет ҳәм халықтың арасындағы тийкарғы байланстырыўшы көпир болып,
ҳүкиметимиз тарепинен шығып атырырған
қарар ҳәм пәрманлардың орынланыўында, халықтың тынышлығын сақлаў,
аўызбиршиликти беккемлеўде, миллетлер аралық татыўлықты сақлаўда, исбилерменликти
раўажландырыў арқалы халықтың бәнтлигин тәмийнлеўде, тыныш ҳәм абадан жасаўында
тийкарғы орынды ийелейди. Биз депутатларда бул сайлаўлардан шетте қалмастан, өз
белсендилигимиз ҳәм алдымызға қойған махсетлеримиз бенен белсене қатнастық. Бир
қуўанышлы жери халықтың сайлаўлардағы
белсендилиги, көз қарасының өзгергенлиги, жәмийетимизде болып атырған
өзгерислерге бийпарўа емеслигинен дерек береди.  

  

Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси
депутаты М.Мырзатаев