Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
"Paraxun" mahallasida deputat va saylovchilar o‘rtasida ochiq muloqot bo‘lib o‘tdi
янв.21
Deputat mahalla yettiligi bilan
янв.21
Xalq deputatlari Xatirchi tuman Kengashi tomonidan tashkil etilgan “Oʻzbekiston – 2030” strategiyasini takomillashtirish yuzasidan muhokama yig’ilish boʻlib oʻtdi.
янв.21
Senatning Budjet va iqtisodiy masalalar qo‘mitasi raisi o‘rinbosari Tursunov Qobul Beknazarovich Xatirchi tumanida
янв.21
Keksalarning holidan habar olindi
янв.21
Ajrim yoqasiga kelib qolgan oilalar yarashtirilmoqda
янв.21
Deputatning bir kuni
янв.21
Deputat mahalla yettiligi bilan uchrashuv o‘tkazdi
янв.21
Toshquloq MFYda joylashgan 9-maktabda “So‘ngi qo‘ng‘iroq” tadbiri tantanali ravishda o‘tkazildi.
янв.21
Yangirabod MFYda joylashgan 35-maktabda “So‘ngi qo‘ng‘iroq” tadbiri tantanali ravishda o‘tkazildi.
Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша тийкарғы ўазыйпалар белгилеп алынды

 Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша тийкарғы ўазыйпалар белгилеп алынды 

Ҳүрмтели Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 19-ноябрь күни
бул бағдардағы жумыслардың жуўмағы ҳәм келеси жыл ушын тийкарғы ўазыйпалар
бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисиде ҳүкимет, атқарыў ҳәкимияты ҳәм
барлық жуўапкерлерге кәмбағаллықты қысқартыў мәселесине итибарды төменлетпеў
зәрүр екенлиги түсиндирилди.
 

Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў тийкарғы күн
тәртибинен шықпай киятырған мәселе.
 

Атап өтилгениндей, өткен дәўирде бул бағдардағы жумысларды төменде
дурыс шөлкемлестириў, мәҳәллеме-мәҳәлле жүрип, жаңа басламаларды таўып,
адамлардың турмысын жақсылаўға жуўапкер болған ҳәкимликлер ҳәм олардың
хызметкерлериниң материаллық-техникалық имканиятлары түп-тийкарынан жақсыланды.
 

Усы жылдың басынан мүтәж 302 мың шаңарақ кәмбағаллықтан шықты. Жыл ақырына
шекем кәмбағаллық дәрежеси 6 процентке шекем азайыўы күтилмекте. Биринши мәрте
1 мың 435 мәҳәлле "кәмбағаллықтан жырақ" аймаққа айланды.
 

Соның менен бирге, айырым районлардың ҳәкимлери үлкен ресурсы ҳәм
қаржысы бола турып, жумысларды өз ҳалына таслап қойғаны, адамларға имканиятына
жараса таяр жойбар бермегенлиги сынға алынды.
 

Келеси жылы кәмбағаллық ҳәм жумыссызлық дәрежесин 4,5 проценттен
азайтыў жуўапкерлердиң тийкарғы ўазыйпасы болатуғыны атап өтилди. Оның ушын
келеси жылы экономикаға 450 триллион сум кредит ажыратылатуғыны, 140 триллион
сумы мәҳәлледеги киши ҳәм орта жойбарлар ушын берилетуғыны белгиленди.
 

Мәмлекетимиз басшысы бул жумысларды шөлкемлестириўдиң тийкарғы
бағдарларын белгилеп берди.
 

Бириншиси - қурылыс арқалы халықты жумыслы ҳәм дәраматлы етиў. 

Екинши бағдар - сервис жойбарларын көбейтип, халықтың бәнтлигин
тәмийинлеў.
 

Үшинши бағдар - санаат жойбарлары арқалы турақлы жумыс орынларын
көбейтиў.
 

Төртинши бағдар - аўыл хожалығы есабынан халықтың дәраматларын
арттырыў.
 

Бесинши бағдар - жәрдемге мүтәж шаңарақлардың социаллық қорғалыўын
күшейтиў.
 

Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен жуўапкерлерге ҳәр бир бағдар бойынша
ислениўи тийис болған анық ўазыйпалар ҳәмде бул ўазыйпаларды орынлаў ушын зәрүр
қаржылардың дәреги де анық көрсетип берилди.
 

Буннан тысқары, аўыр турмыслық жағдай себепли кәмбағаллыққа түсип қалыў
қәўпи жоқары болған шаңарақларды алдыннан анықлап, оларға мәнзилли жәрдем
көрсетиў жолға қойылады.
 

Әлбетте, кәмбағаллықты қысқартыў аңсат ҳәм бирден болатуғын процесс
емес. Ең әҳмийетлиси, мәмлекеттиң үлкен ресурс ҳәм имканиятлары усы бағдарға
жумсалып атырған екен, бул бағдардағы жумыслар системалы түрде алып барылыўы,
белгиленген ҳәр бир илаж өз орнында ҳәм нәтийжели орынланыўы керек.
 

  Махмуд ЕСЕНГЕЛДИЕВ Халық депутатлары Шоманай районлық Кеңесиниң депутаты, ӨзХДП депутатлық
топары басшысы.