Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
"Paraxun" mahallasida deputat va saylovchilar o‘rtasida ochiq muloqot bo‘lib o‘tdi
янв.21
Deputat mahalla yettiligi bilan
янв.21
Xalq deputatlari Xatirchi tuman Kengashi tomonidan tashkil etilgan “Oʻzbekiston – 2030” strategiyasini takomillashtirish yuzasidan muhokama yig’ilish boʻlib oʻtdi.
янв.21
Senatning Budjet va iqtisodiy masalalar qo‘mitasi raisi o‘rinbosari Tursunov Qobul Beknazarovich Xatirchi tumanida
янв.21
Keksalarning holidan habar olindi
янв.21
Ajrim yoqasiga kelib qolgan oilalar yarashtirilmoqda
янв.21
Deputatning bir kuni
янв.21
Deputat mahalla yettiligi bilan uchrashuv o‘tkazdi
янв.21
Toshquloq MFYda joylashgan 9-maktabda “So‘ngi qo‘ng‘iroq” tadbiri tantanali ravishda o‘tkazildi.
янв.21
Yangirabod MFYda joylashgan 35-maktabda “So‘ngi qo‘ng‘iroq” tadbiri tantanali ravishda o‘tkazildi.
Мүнәсибет

♻️ Мен, Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесине 4-санлы “Кеңес” сайлаў округинен сайланған депутат, ӨзХДП депутатлық топары ағзасы Утепбергенова Абадан Бекмуратовна быйылғы жылдың I-ярым жыллығы даўамында әмелге асырған жумысларым ҳаққында өз сайлаўшыларыма есабат бердим.

Атап айтқанда, ѳз сайлаўшыларыма Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў бойынша қабыл етилген бир қатар пәрман ҳәм қарарлар ҳәм Халық депутатлары районлық Кеңеси сессиясы қарарларының мазмун-мәнисин түсиндирилди. Сондай-ақ, быйылғы жылдың елимизде «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл» экономика жылы» деп жәрияланғанлығы ҳәм жыл атамасына сәйкес қабыл етилген мәмлекетлик бағдарламада кѳзде тутылған реже ҳәм ўазыйпалар ҳаққында да мағлыўматлар берилди. 

Соның менен бирге, Ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстан Республикасы ушын өз алдына қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлары, әҳмийетли ҳүжжетлер тийкарында халықтың абадан турмысын тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған кең көлемли илажлар ҳаққында түсиниклер беирлди. Атап айтқанда, жаңа жумыс орынларын жаратыўға қаратылған ири жойбарлардың иске түсирилип атырғанлығы, исбилерменлик субъектлериниң, қурылып атырған кең қамтыўлы социаллық объектлер, пуқаралардың машқалаларына шешим табыў илажлары ҳаққында кеңнен түсиниклер берилди. 

Есабат дәўиринде сайлаўшылардан бир қатар мүрәжатлар келип түскен болып, оларға тийисли жуўапкерлер менен биргеликте унамлы шешип берилди. Мәселен Өзбекстан ХДП Шымбай районлық Кеңесинде шөлкемлестирилген «Жәмийетшилик қабыллаўхана»сына усы жылдың 

I-ярым жыллығы даўамында жәми 13 мүрәжат келип түскен болып, олардың барлығының унамлы шешилиўине ерисилди.

Соңғы жыллары елимизде мәмлекетлик бағдарламалар тийкарында инфраструктураны жақсылаўға қаратылған бир қанша жумысларды әмелге асырыў режелестирилген.

Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 2024-жыл 20-май күнги 102-санлы баянламасына тийкар, «Кеңес» АПЖ аймағындағы орайлық көшелердиң ишимлик суўға болған талабын жақсылаў мақсетинде жәми 20 км. дан аслам жаңадан ишимлик суў тармағын тартыў режелестирилген болып, бүгинги күнде Хажы баба аўылына 6 км. аралыққа жаңадан ишимлик суў тармағы қурылып, қурылыс жумыслары даўам етпекте. 

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 

2024-жыл 11-октябрь күнги 665-санлы қарарына тийкар, «Кеңес» АПЖ аймағы Темир тулпар көшесиниң 0,6 км. аралықтағы жолына қум шағал (ЩПС) араласпасын төсеў жумысларын алып барыў белгиленген болып, қурылыс жумыслары басланыў алдында.

✅ Соны да атап өтиў орынлы, сайлаўшылар мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардан разылығы, оны ҳәр күни өз турмысында сезип атырғанлығын билдирди.

➡️ Сессия ҳәм турақлы комиссия, партияның үгит-нәсият илажларында турақлы қатнасып, оларда партиямыз электораты мәплеринен келип шығып өз пикир ҳәм усынысларымды билдирип келмектемен.

Абадан УТЕПБЕРГЕНОВА,

4-санлы "Кеңес" сайлаў округинен Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси депутаты, ӨзХДП депутатлық топары ағзасы.

Slide 1 of 1