Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Senatning Budjet va iqtisodiy masalalar qo‘mitasi raisi o‘rinbosari Tursunov Qobul Beknazarovich Xatirchi tumanida
янв.21
Keksalarning holidan habar olindi
янв.21
Ajrim yoqasiga kelib qolgan oilalar yarashtirilmoqda
янв.21
Deputatning bir kuni
янв.21
Deputat mahalla yettiligi bilan uchrashuv o‘tkazdi
янв.21
Toshquloq MFYda joylashgan 9-maktabda “So‘ngi qo‘ng‘iroq” tadbiri tantanali ravishda o‘tkazildi.
янв.21
Yangirabod MFYda joylashgan 35-maktabda “So‘ngi qo‘ng‘iroq” tadbiri tantanali ravishda o‘tkazildi.
янв.21
Guliston MFYda joylashgan 34-maktabda “So‘ngi qo‘ng‘iroq” tadbiri tantanali ravishda o‘tkazildi.
янв.21
Chinobod MFYda joylashgan 33-maktabda “So‘ngi qo‘ng‘iroq” tadbiri tantanali ravishda o‘tkazildi.
янв.21
Alisher Navoiy MFYda joylashgan 14-maktabda “So‘ngi qo‘ng‘iroq” tadbiri tantanali ravishda o‘tkazildi.
Мүнәсибет

 2025-жыл 23-июнь күни қабыл етилген Өзбекстан Республикасында жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ўәкиллик органлары жумысын 2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясын тастыйықлаў ҳаққындағы Өзбекстан Республикасы Президентиниң 98-санлы парманы қабыл етилди. Пәрманның тийкарғы мақсети Халық ҳәкимиятшылығын толық тәмийинлеў, пуқараларды жергиликли басқарыўға жедел тартыў ҳәм басқарыўда халықтың мәпине хызмет етиў принципин үстин қойыў, Жергиликли Кеңеслердиң халықаралық бирге ислесиў ҳуқықый тийкарларын беккемлеў болып, бул - халық мәплерин биринши орынға қоятуғын, ашық ҳәм нәтийжели жергиликли басқарыў системасына қәдем есапланады. Бул пәрман менен жергиликли Кеңеслердиң жумысын жетилистириўге қаратылған бир қатар әҳмиетли бағдарлар белгилеп берилмекте. Бул бағдарлар өз гезегинде бир қатар жөнелислерди өз ишине алған, атап айтқанда, Жергиликли Кеңеслердиң бюджет қаржыларын қадағалаў жумысын жетилистириў ҳәм олардың уйымлары ҳәм депутатларының қадағалаў жумысын жетилистириў, Аймаққа тийисли әҳмиетли мәселелерди шешиўде жергиликли Кеңеслер ҳәм Сенаттың бирге ислесиў ҳәм Халықтың машқалаларын шешиўде "мәҳәлле жетилиги" - район (қала) Кеңеси - ўәлаят Кеңеси - Сенат" принципин енгизиў, пуқаралар тәрепинен жергиликли Кеңеслерге электрон жәмәәтлик мүрәжат етиў ҳәм Жергиликли Кеңес қарарларын ислеп шығыўда жәмиетшиликтиң кең қатнасыўын тәмийинлеў, депутатларының статусы ҳәм жумысының тийкарғы кепилликлерин және де күшейтиў, сиясий партиялар топарларының орны беккемлеў, Жергиликли Кеңеслерде "раясат" институтын шөлкемлестириў, Кеңеслердиң басқа мәмлекетлик аймақлық ўәкилликли уйымлары менен бирге ислесиўин жолға қойыў, Кеңеслердиң жумысын толық санластырыў, "Е-Кенгаш" электрон платформасын және де жетилистириў сессияларды "Е- Кенгаш" платформасы арқалы онлайн трансляциялаў әмелиятын системалы жолға қойыў жөнелислерин өз ишине алған.  

Ж.Мамутов 

Халық депутатлары Хожели районлық Кеңеси депутаты