Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
DEPUTATLIK NAZORATI
янв.21
MAKTABGACHA TAʼLIM TASHKILOTI FAOLIYATI OʻRGANILDI.
янв.21
Kiberxavfsizlik – bugungi kunning eng muhim masalalaridan biri!
янв.21
Xalq deputatlari Vobkent tumani Kengashi deputati Mexriniso Hasanova “Latifsobungar” MFYda oʻrganish ishlari olib bordi.
янв.21
Deputat saylov okrugidagi 15-sonli davlat maktabgacha taʼlim tashkilotida boʻlib, muassasa faoliyati bilan yaqindan tanishdi.
янв.21
Xalq deputatlari Vobkent tumani Kengashi deputati Anvar Kenjayev “Xayrxush” MFYda oʻrganish tadbirlari olib borildi.
янв.21
“MIRVOSHI” MAHALLASIDA SAYLOVCHILAR BILAN UCHRASHUV
янв.21
Deputat saylov okrugida oʻrganish tadbirlarini olib bordi.
янв.21
Loyihalar ijrosi
янв.21
Xalq deputatlari Vobkent tuman Kengashdagi OʻzLiDeP deputatlik guruhining navbatdagi yigʻilishi boʻlib oʻtdi.
Тәжрийбе алмасыў

Өзбекстан Республикасы Олий Мажилис Сенаты Аппараты аймақлық ўәкиллик уйымлары жумысын үйрениў орайының арнаўлы ис-режесине тийкар бүгин 20.03.2024-жылы Халық депутатлары Бухара ўәлаяты Қеңесиниң секретариат баслығы М.Мухаммедов басшылығындағы делегация ағзалары Хожели районында болып өз ара тәжирийбе аўмасты. Оған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниң комитет баслығы Ш.Өтемисов, район ҳәкими Ж.Ермашев ҳәм Бухара ўәлаятынан келген мийманларымыз қатнасты. Дәслеп қатнасыўшыларға район аймағында жайласқан "Миздақхан" тарийхый комплексине саяхат шөлкемлестирилди. Буннан соң, мийманларымыз өз ара тәжирийбе аўмасыў мақсетинде

үлги сыпатында Халық депутатлары Хожели районлық Кеңесиниң турақлы комиссиясының жумысы, яғный мәжилис барысы телеграмм топарында тиккелей эфир арқалы әмелий семинар тәризинде өткерилди. Соннан кейин, делегация ағзалары районлық Кеңеси секретариатының жумыслары ҳәм буннан еки жыл алдын шөлкемлестирилген "Жаслар парламент"иниң нәтийжелиги менен жақыннан танысты. Атап айтқанда, секретариат тәрепинен ҳүжжетлерди дурыс жүргизиў, қадағалаў ҳәм тағы басқада жумыс көлеми ҳаққындағы тәртиплерди үйренип, өзлериниң қызықтырған сораўларына толық жуўаплар алды. Семинар даўамында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниң комитет баслығы Ш.Өтемисов ҳәм район ҳәкими Ж.Ермашев мийманларымызға келешекте бирге ислесиў бойынша усыныслар менен бөлисип, бундай тәжирийбе аўмасыў семинарларын турақлы түрде өткерип барылыўы келисип алынды.

Slide 1 of 1