Янгиликлар

Сўнги янгиликлар

янв.21
Mahalla yettiligi faolyati
янв.21
DEPUTAT DASTUR IJROSINI TA’MINLASHDA FAOLLIK KO‘RSATMOQDA
янв.21
DEPUTAT SAYLOVCHILAR OLDIDA AXBOROT BERDI
янв.21
Mahalla yettiligi faolyati
янв.21
Mahalla ichki ko‘cha yo‘llari holati,
янв.21
Urgut tumani Kengashining Agrar, suv xo‘jaligi va ekologiya masalalari bo‘yicha doimiy komissiyasining navbatdagi yig‘ilishi bo‘lib o‘tdi.
янв.21
AYOLLAR MEHNATI E’TIBORDA
янв.21
DEPUTAT DASTUR IJROSINI TA’MINLASHDA FAOLLIK KO‘RSATMOQDA
янв.21
DEPUTAT SAYLOVCHILAR ORASIDA.
янв.21
Xalq deputatlari tuman Kengashi 2-Bog‘ishamol saylov okrugi deputati Abloqulova Go‘zal Hamroqulovna tomonidan mahalladagi Chiqindilarni o‘z vaqtida olib chiqish holatlari yuzasidan tuman Obodonlashtirish boshqarmasi mas’ul xodimlari hamda boshqa mutasaddi tashkilotlar rahbarlariga kerakli ko‘rsatmalar berildi.
Мүнәсибет

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Словения Республикасына рəсмий сапары мəмлекетимиздиң Европа мəмлекетлери менен дослық ҳəм өз-ара шерикликти беккемлеў жолындағы және бир стратегиялық қəдем болды.

Усы сапар шеңберинде еки мəмлекет арасындағы сиясий байланысты тереңлестириў, саўда-экономикалық байланысларды кеңейтиў, инновация, жоқары технологиялар, энергетика, фармацевтика, тəлим ҳəм туризм тараўларында əмелий шерикликти күшейтиў мəселелери талқыланды. Соның менен бирге, бир қатар өз-ара ҳүжжетлерге қол қойылғаны мəмлекетлер аралық қатнасларды жаңа басқышқа алып шығыўын көрсетеди.

Президентимиз басламалары менен жаратылып атырған жаңа шериклик бағдарлары, əсиресе, инвестиция ҳəм инновация тараўларындағы келисимлер арқалы жаңа жумыс орынларының жаратылыўы, экономикалық өсиў пəтлериниң артып барыўы күтилмекте.

Словения - заманагөй технологиялар ҳəм экология саласында үлкен тəжирийбеге ийе мəмлекет ретинде Өзбекстан ушын керек болған шерик есапланады. Сол көз қарастан, бул сапар экологиялық, турақлылық, жасыл энергетика ҳəм фармацевтика сыяқлы тараўларда да əмелий нəтийжелерге алып келеди.

Бул сыяқлы халықаралық сапарлар арқалы мəмлекетимизде социаллық-экономикалық тараўларда сезилерли өзгерислер гүзетилип атыр. 

 Өзбекстан дүняға ашық, белсенди сыртқы сиясат жүргизиўши мəмлекет ретинде өз орнын барған сайын беккемлеп бармақта. Словенияға болған бул сапар да əне сол бағдардағы нəтийжели қəдемлерден бири ретинде тарийхқа киреди.

Slide 1 of 1