Янгиликлар

Сўнги янгиликлар

янв.21
DEPUTAT SO‘ROVI
янв.21
DEPUTAT SO‘ROVI
янв.21
Jamoatchilik eshituvida dolzarb masalalar muhokama qilindi
янв.21
Deputat o‘rganuvida natijadorlik
янв.21
Deputatlarning 2026-yil iyul oyi davomida o‘z saylovchilari bilan uchrashuvlarini o‘tkazish reja-jadvali.
янв.21
Xalq deputatlari tuman Kengashining 2026-yil iyul oyi uchun tasdiqlangan ish rejasi.
янв.21
“Reglament va deputatlik odob-axloqi masalalari bo‘yicha” doimiy komissiyasining navbatdagi yig‘ilishi bo‘lib o‘tdi.
янв.21
“Ijtimoiy soha, yoshlar siyosati, madaniyat va sport masalalari bo‘yicha” doimiy komissiyasining navbatdagi yig‘ilishi bo‘lib o‘tdi.
янв.21
Ijtimoiy barqorlik – mahalladan boshlanadi
янв.21
Hududdagi madaniy meros ob’ekti o‘rganildi
#Мúnásibet

 Мәҳәлле системасын
жетилистириў - халықтың абаданлығының әҳмийетли факторы
 

  

Мәмлекетимизде мәҳәлле институтын буннан былай да
беккемлеў, оның жәмийетлик турмыстағы орны ҳәм абырайын арттырыў, халықтың
машқалаларын мәнзилли шешиў және мәмлекетлик хызметлерди пуқараларға және де
жақынластырыўға қаратылған реформалар избе-из даўам еттирилмекте.
 

Усы мәниде, 2026-жыл 24-июньде қабыл етилген
Президенттиң "Мәҳәлле басқарыўын нәтийжели шөлкемлестириўге байланыслы
қосымша илажлар ҳаққында"ғы Пәрманы мәҳәлле системасын пүткиллей жаңа
басқышқа алып шығыўға хызмет ететуғын әҳмийетли сиясий-ҳуқықый ҳүжжет болды.
 

Усы Пәрман менен мәҳәлле басқарыўының
шөлкемлестириўшилик тийкарларын буннан былай да жетилистириў, мәҳәллелердиң
жумысын муўапықластырыў, пуқаралар жыйынларының еркинлиги ҳәм жуўапкершилигин
арттырыў, олардың материаллық-техникалық базасын беккемлеў және халықтың
машқалаларын орнында шешиў бойынша тәсиршең механизмлерди енгизиўге айрықша
итибар қаратылды. Ең әҳмийетлиси, мәҳәлле пуқаралардың дәрти, тәшўиши ҳәм
усыныслары тыңланатуғын, ҳәр бир шаңарақтың машқаласына шешим изленетуғын
ҳақыйқый халықшыл институт сыпатында және де күшеймекте.
 

Пәрманға муўапық, 2026-жыл 1-июльден мәҳәлле
системасында басқарыўдың жаңа модельиниң енгизилиўи, мәҳәллелердиң жумысын
муўапықластырыў бойынша бирден-бир системаның қәлиплестирилиўи және жуўапкер
структуралардың ўәкилликлери анық белгиленгени реформалардың избе-из ҳәм
нәтийжели әмелге асырылыўына беккем тийкар жаратады.
 

Өзбекстан Халық демократиялық партиясы социаллық
әдиллик, күшли социаллық қорғаў ҳәм инсан мәплерин тәмийинлеўди өзиниң
бағдарламалық мақсетлериниң тийкарғы бағдары сыпатында белгилеген. Сонлықтан
мәҳәлле системасында әмелге асырылып атырған бул реформалардың ҳәр бир пуқара,
әсиресе, социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақлар, майыплығы болған шахслар,
кекселер, жаслар ҳәм ҳаял-қызлардың турмысында әмелий нәтийже бериўи үлкен әҳмийетке
ийе.
 

Усы Пәрманның орынланыўының ҳәр бир мәҳәлледе толық
ҳәм сапалы тәмийинлениўи, халықтың мүрәжатларының өз ўақтында көрип шығылыўы,
социаллық бағдарламалардың мәнзилли әмелге асырылыўы және мәмлекет тәрепинен
ажыратылып атырған қаржылардан мақсетли ҳәм нәтийжели пайдаланылыўы үстинен
тәсиршең депутатлық қадағалаўды әмелге асырыўды өзимиздиң әҳмийетли ўазыйпалардың
бири болып есапланады.
 

Сондай-ақ, мәҳәлле баслықлары, белсендилер,
мәмлекетлик уйымлар, депутатлар ҳәм жәмийетшилик арасындағы бирге ислесиўди
буннан былай да беккемлеў, халық пенен ашықтан-ашық сөйлесиўди күшейтиў, ҳәр
бир мүрәжатқа жуўапкершилик пенен қатнас жасаў ҳәм машқалаларды артықша әўере
болмастан шешиў бүгинги күнниң ең әҳмийетли талабы болып есапланады.
 

Исенимимиз кәмил, мәҳәлле системасын жетилистириўге
қаратылған бул реформалар жәмийетимизде социаллық турақлылықты беккемлеў,
халықтың абаданлығын буннан былай да арттырыў, мәмлекет ҳәм халық арасындағы
өз-ара исенимди күшейтиў және Жаңа Өзбекстанда "Инсан қәдири ушын, инсан
бахыты ушын" принципиниң турмыста толық енгизилиўине хызмет етеди.
 

Күшли мәҳәлле - бул күшли жәмийет, социаллық әдиллик
ҳәм турақлы раўажланыўдың беккем тийкары болып есапланады.