Янгиликлар

Сўнги янгиликлар

янв.21
Tomdibuloq OFYdagi bog‘lar faoliyati o‘rganildi
янв.21
Tumanda qurilish sohasida amalga oshirilayotgan ishlar o‘rganildi
янв.21
Qulumbet ovulidagi maktab qurilish ishlari o‘rganildi
янв.21
Doimiy komissiya yig‘ilishi bo‘lib o‘tdi
янв.21
Ko‘p qavatli uylar holati o‘rganildi
янв.21
Xalq deputatlari tuman Kengashi kotibiyati mudiri v.v.b A.Jaysanbayev “Sharq” OFYda hokim yordamchisi faoliyati bilan tanishdi.
янв.21
“Ayaqquduq” OFYda ichki yo‘llar va tungi yoritish holati o‘rganildi
янв.21
Keregetov OFYdagi bog‘ holati o‘rganildi
янв.21
Aholiga sifatli tibbiy xizmat ko‘rsatish va davlat tibbiy sug‘urtasi tizimi ijrosi o‘rganildi
янв.21
Aholiga sifatli tibbiy xizmat ko‘rsatish masalasi o‘rganildi
ӨЗБЕКСТАН ХДП ШЫМБАЙ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИНИҢ IV ПЛЕНУМЫ: ЕСАБАТЛАР ҲӘМ РЕЖЕЛЕР КӨРИП ШЫҒЫЛДЫ

ӨЗБЕКСТАН ХДП ШЫМБАЙ РАЙОНЛЫҚ КЕҢЕСИНИҢ IV ПЛЕНУМЫ: ЕСАБАТЛАР ҲӘМ РЕЖЕЛЕР КӨРИП ШЫҒЫЛДЫ

♻️ Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Шымбай районлық кеңесиниң IV пленумы болып өтти. Онда Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси баслығы О.Толыбеков, партияның районлық кеңесиниң ағзалары, Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги партия топары ағзалары, басланғыш партия шөлкемлериниң баслықлары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

✅Пленум күн тәртибинде партияның Шымбай районлық Атқарыў комитетиниң 2025-жылдағы жумысы бойынша есабаты, Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги партия топарының искерлиги бойынша мәлимлемеси ҳәм партияның Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси пленумының қарарларының мазмун-мәниси көрип шығылды. Пленумды партияның Шымбай районлық кеңесиниң баслығы С.Нурмамбетов ашып берди ҳәм күн тәртибиндеги мәселелер бойынша баянат жасады.

✍️Пленумда күн тәртибиндеги мәселелер бойынша кеңес ағзалары ҳәм депутатлар өз пикир-усынысларын билдирди ҳәм тийисли қарарлар қабыл етилди.

Slide 1 of 7