Янгиликлар

Сўнги янгиликлар

янв.21
Ko‘p qavatli uylar holati o‘rganildi
янв.21
Tadbirkorlik va ijtimoiy tashabbus uyg‘unligi: "NODIRABEGIM" atelyesi faoliyati o‘rganildi
янв.21
Xavfsiz mahalla — osoyishta hayot: “Amu sohillari” mahallasida huquqbuzarliklar profilaktikasi o‘rganildi
янв.21
"Amu sohillari" mahallasi faoliyati natijavor baholandi: Yoshlar va mahalla uchun yana bir qadam
янв.21
Kengash sessiyasi oldidan: Ochiqlik va mas’uliyat tamoyili asosida muhim masalalar tahlili
янв.21
Huquqiy_axborot_soati
янв.21
"Tinchlik" mahallasidagi faoliyat ijobiy baholandi: Asosiy maqsad — aholi farovonligi
янв.21
Mahalla tizimidagi islohotlar ijrosi deputatlar tomonidan o‘rganildi
янв.21
Huquqiy_axborot_soati
янв.21
7-may — O‘zbekiston Respublikasi axborot-kommunikatsiya texnologiyalari sohasi xodimlari kuni!
Өзбекстан-Америка: стратегиялық шерикликтиң жаңа бағдарлары

Ушырасыўда әмелий шерикликти тереңлестириўге айрықша итибар қаратылды. Тийкарғы жойбарларды қаржыландырыў ушын биргеликтеги инвестициялық платформаны жаратыўды жеделлестириў, киши бизнести қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, Ташкент қаласында корпорацияның регионаллық офисин ашыў бойынша анық илажлар көрип шығылды.

          Мәмлекетимиз басшысы корпорацияның инфраструктура жойбарларын әмелге асырыўда мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында қатнасыўы әҳмийетли екенлигин атап өтти.

        “General Motors International” компаниясының глобал атқарыўшы директоры Шилпан Амин менен ушырасыўда усы корпорация менен узақ мүддетли бирге ислесиўди және де кеңейтиў мәселелери көрип шығылды. Компанияның мәмлекетимиз автомобиль санаатын раўажландырыў ҳәм диверсификациялаўдағы әҳмийетли орны атап өтилди.

Өндирис кооперациясын буннан былай да раўажландырыў, өнимлердиң түрин кеңейтиў ҳәм локализациялаўды тереңлестириўге айрықша итибар қаратылды.

Заманагөй машина қурылысында талап жоқары болған жаңа технологиялар ҳәм шийки зат ресурслары тараўында биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў перспективалары додаланды.

Көп қырлы Өзбекстан – АҚШ қатнасықлары избе-из раўажланып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Кейинги жыллары товар алмасыў көлеми 4 есеге көбейип, дерлик 1 миллиард долларға жетти. Өзбекстанда АҚШтың 300 ден аслам компаниясы табыслы жумыс алып бармақта, санаат, аўыл хожалығы, энергетика ҳәм инновация тараўларында бир қатар ири кооперациялық жойбарлар әмелге асырылмақта.

          Аўыл хожалығы тараўындағы бирге ислесиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. АҚШтан соя ҳәм пахта жеткерип бериў, сондай-ақ, Американың алдынғы тамшылатып суўғарыў технологияларын енгизиў бойынша дәслепки шәртнамалар дүзилген.

Сөйлесиўлер жуўмағында биргеликтеги жойбарларды қоллап-қуўатлаў ушын инвестициялық платформаны жаратыў арқалы әмелий бирге ислесиўди жеделлестириўге келисип алынды.