Янгиликлар

Сўнги янгиликлар

янв.21
Ногиронлиги бўлган шахсларни ижтимоий реабилитация қилиш масаласи муҳокама қилинди
янв.21
Камбағалликни қисқартириш ва бандликни таъминлаш масалалари муҳокама қилинди
янв.21
“Маҳалла лигаси” спорт мусобақаларига старт берилди
янв.21
Депутат маҳалладаги ижтимоий соҳада олиб борилаётган ишлар билан танишди
янв.21
Кадрларни ишга жойлаштириш масаласи муҳокама қилинди 🏛
янв.21
📌 Ички йўлларни таъмирлаш ва сақлаш масалалари муҳокама қилинди
янв.21
📌 Учрашув ва ўрганишлар олиб борилди
янв.21
Депутатлик одоби қоидалари ижроси таҳлил қилинди
янв.21
📌 Халқ депутатлари Сўх туман Кенгашининг навбатдаги сессияси бўлиб ўтди
янв.21
📍 Ўрганиш ва назорат ишлари олиб борилди
Мүнәсибет

 Мен, 2-Жийдели
сайлаў округинен Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңеси депутаты Сейтназаров
Нуратдин Пирниязович усы жылдың 11-апрель күнлери белгиленген график тийкарында
өз сайлаўшыларым алдында усы жылдың I-шереги даўамында әмелге асырған жумысларым
ҳаққында сайлаўшыларға есабат бердим.
 

Ҳүрметли Президентимиз
тәрепинен Қарақалпақстанды социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша қабыл
етилген Пәрман ҳәм Қарарлары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси
тәрепинен қабыл етилген қарарлардың мазмун-мәнисин түсиндирип бердим.
 

Жылдың атына сай
қабыл етилген мәмлекетлик бағдарламада нәзерде тутылған реже ҳәм ўазыйпалар
ҳаққында мағлыўмат бердим.
 

Есабат дәўиринде
сайлаўшылардан 3 мүрәжат келип түсти ҳәм олар тийисли жуўапкерлер менен биргеликте
унамлы шешип берилди.
 

Мәселен, “Дарсан”
мәкан пуқаралар жыйынындағы “Жийдели” ҳәм “Туўатай” аўыллары халқына ағын суў
мәселеси район ҳәкими менен биргеликте шешилип, аймақ турғынларының қыйтақ
жерлерине суў жеткерип берилиўине ерисилди.
 

Соны да атап
өтиўди қәлер едим, сайлаўшылар мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған
реформалардан разы, оны ҳәр күни өз турмысында сезип атырғанын билдирди.
 

Қуўанышлы тәрепи,
сайлаў округимдеги
2 мәҳәлледе ϴзбекстан
Республикасы Президентиниң ПФ-330 пәрманына тийкар халықтың қыйтақ жерлерин суўғарыў
ушын қаржы ажыратылып суў ағар салмалар бетонланды.
Нәтийжеде халықты қыйнап киятырған ишки суў
ағар салмалар бетонланып, машқалалар өз шешимин тапты.
 

Сессия ҳәм депутатлар
топары мәжилислеринде турақлы қатнасып, оларда партиямыз электораты мәплеринен
келип шығып өз пикир ҳәм усынысларымды билдирип келмектемен.
  

  

Нуратдин Сейтназаров 

2-"Жийдели" сайлаў округинен депутат.