Янгиликлар

Сўнги янгиликлар

янв.21
Депутат сайловчилар билан учрашув ўтказди
янв.21
Депутатлар ва доимий комиссия аъзолари қонун ҳужжатлари билан таништирилди
янв.21
**Депутат мурожаатни атрофлича ўрганди**
янв.21
📌 Аҳоли мурожаатлари – доимий эътиборда
янв.21
Ногиронлиги бўлган шахсларни ижтимоий реабилитация қилиш масаласи муҳокама қилинди
янв.21
Камбағалликни қисқартириш ва бандликни таъминлаш масалалари муҳокама қилинди
янв.21
“Маҳалла лигаси” спорт мусобақаларига старт берилди
янв.21
Депутат маҳалладаги ижтимоий соҳада олиб борилаётган ишлар билан танишди
янв.21
Кадрларни ишга жойлаштириш масаласи муҳокама қилинди 🏛
янв.21
📌 Ички йўлларни таъмирлаш ва сақлаш масалалари муҳокама қилинди
Депутат_мәҳәлледе

Өзбекстан ХДП Шымбай районлық кеңесиниң " Баркамал әўлад " басланғыш партия шөлкеминде есабат-сайлаў жыйналысы болып өтти.

Онда Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси депутаты А.Утепбергенова, партияның Шымбай районлық кеңеси баслығы С.Нурмамбетов, басланғыш партия шөлкеминиң ағзалары ҳәм партия белсендилери қатнасты.

Илаж даўамында "Баркамал әўлад" басланғыш партия шөлкеминиң баслығы Гүлпаршын Досжанованың есабаты тыңланды. Онда шөлкемниң өткен дәўирде әмелге асырған жумыслары, соның ишинде, партияның бағдарламалық мақсет ҳәм ўазыйпаларын халық арасында үгит-нәсиятлаў, партия қатарына жаңа ағзаларды тартыў бағдарында алып барылған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берилди. 

Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша Шымбай районлық партия кеңесиниң баслығы С.Нурмамбетов ҳәм партия белсендиси С.Есназаровлар сөзге шығып шөлкемниң жумысын буннан былай да жетилистириў бойынша өз пикир-усынысларын билдирди.

Есабат-сайлаў жыйналысында Гүлпаршын Досжанованың есабаты қанаатландырарлы деп табылды ҳәм "Баркамал әўлад" басланғыш партия шөлкеминиң баслығы етип қайта сайланды . 

Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша тийисли қарарлар қабыл етилди.

Slide 1 of 6