1-октябрь - Муғаллимлер ҳәм устазлар күни мүнәсибети менен Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Шымбай районлық кеңеси басламасы менен район орайындағы 9-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде мәдений-ағартыўшылық илаж өткерилди.
Онда Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги ӨзХДП депутатлық топары ағзасы А.Утепбергенова, Өзбекстан ХДП Шымбай районлық Кеңесиниң баслығы С.Нурмамбетов, мектеп жәмәәти, педагоглар ҳәм «Кеңес АПЖ» басланғыш партия шөлкеминиң ағзалары қатнасты.
Илажда даўамында депутат А.Утепбергенова шығып сөйлеп, мектеп жәмәәтин кәсиплик байрамы менен қызғын қутлықлап, барлық устазларға машақатлы ҳәм мақтанышлы мийнетлеринде табыслар тиледи.
Илаж қызғын сөйлесиў, байрам кейпияты ҳәм устазларға болған жоқары ҳүрмет руўхында өтти.
Барлық устазларды кәсиплик байрамы менен қызғын қутлықлаймыз!