Янгиликлар

Сўнги янгиликлар

янв.21
FUQAROLAR MUROJAATLARI – E'TIBOR MARKAZIDA
янв.21
MUSTAQILLIK MAHALLASIDA XOTIN-QIZLAR FAOLI FAOLIYATI O‘RGANILDI
янв.21
HOKIM YORDAMCHISI FAOLIYATI O‘RGANILDI
янв.21
MAHALLA YETTILIGI BILAN AMALIY MULOQOT: USTUVOR VAZIFALAR BELGILAB OLINDI
янв.21
ADLIYA BO‘LIMINING YARIM YILLIK AXBOROTI DOIMIY KOMISSIYADA KO‘RIB CHIQILDI
янв.21
MOLIYA VA IQTISODIYOT BO‘LIMI XODIMLARIGA QONUN MAZMUN-MOHIYATI TUSHUNTIRILDI
янв.21
MAHALLAGA BIRIKTIRILGAN TIJORAT BANKI VAKILI FAOLIYATI O‘RGANILDI
янв.21
KO‘CHABOSHILARI BILAN UCHRASHUVDA QONUN MAZMUN-MOHIYATI TUSHUNTIRILDI VA FUQAROLAR FIKRLARI O‘RGANILDI
янв.21
HOKIM YORDAMCHISI FAOLIYATI O‘RGANILDI
янв.21
SO‘FI MAHALLASIDA SAYYOR QABUL O‘TKAZILDI
ПУҚАРАЛАР МҮРӘЖАТЛАРЫ ИТИБАР ОРАЙЫНДА: «ПАШЕНТТАЎ» АПЖДА ҮЙРЕНИЎ ЖУМЫСЛАРЫ АЛЫП БАРЫЛДЫ

ПУҚАРАЛАР МҮРӘЖАТЛАРЫ ИТИБАР ОРАЙЫНДА: «ПАШЕНТТАЎ» АПЖДА ҮЙРЕНИЎ ЖУМЫСЛАРЫ АЛЫП БАРЫЛДЫ

❗️Халықтың жасаў шараятларын жақсылаў, социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтаж шаңараклардың машқалаларын орынларда үйрениў ҳәм оларға аймақтың өзинде шешим табыў мақсетинде, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты Ф.Палванова ҳәм Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси депутатлары М.Зарикеев ҳәм Ш.Абдикаримовлар Шымбай районындағы «Пашенттаў» АПЖ аймағында болды.

♻️ Илаж даўамында депутатлар аймақтағы социаллық қорғаўға мүтаж ҳәм кем тәмийинленген шаңараклардың үйлерине барып, олардың жасаў шараятлары, бәнтлик мәселелери ҳәм турмыслық мүрәжатларын жақыннан үйренди. Буннан тысқары кем тәмийинленген шанараклардың материаллық жағдайын көзден өткериў ҳәм керекли социаллық жәрдемлердиң өз ўақтында жетип барыўы үйренилди.

Илаж соңында анықланған ҳәр бир мүрәжат бойынша қысқа мүддетлерде керекли илажлар көриў белгиленди. Кем тәмийинленген шанаракларды қоллап-қуўатлаў ҳәм машқалаларды унамлы шешиў бағдарындағы ўазыйпалар тийисли тараў жуўапкерлерине тапсырмалар берилип, бул мәселелер депутатлардың туўрыдан-туўры қадағалаўына алынды.

Slide 1 of 3