35 yilYagona vatan, yagona xalq bo'lib, yangi hayot va kelajak yaratamiz!

Янгиликлар

Сўнги янгиликлар

#Шембилик

#Шембилик

Кеңес баслығы «Темир жол гүзары» МПЖ аймағындағы 8-санлы МШБШде өткерилген шембилик илажында қатнасты

✅ Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси баслығы О.Толыбеков өзи сайланған «Темир жол гүзары» МПЖ аймағында болып, 8-санлы МШБШде шөлкемлестирилген абаданластырыў ҳәм көкелемзарластырыў шембилик илажында қатнасты.

♻️ Өткерилген илаж даўамында аймақты тазалаў, бақша әтирапын абаданластырыў ҳәм тәртипке келтириў жумыслары алып барылды. Депутат шембиликте белсендилик көрсеткен мәҳәлле белсендилери ҳәм усы шөлкем хызметкерлери менен пикирлесип, бақшада балалар ушын жаратылған шараятлар менен де жақыннан танысты.

📌 Илаж соңында аймақ турғынларының усыныс-пикирлери тыңланып, алдағы ўақытта әмелге асырылыўы тийис болған ўазыйпалар белгилеп алынды.

Slide 1 of 3