Янгиликлар

Сўнги янгиликлар

ИСЛЕП ШЫҒАРЫЎ ТАРАЎЛАРЫ ЖУМЫСЫ ҮЙРЕНИЛДИ

ИСЛЕП ШЫҒАРЫЎ ТАРАЎЛАРЫ ЖУМЫСЫ ҮЙРЕНИЛДИ

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси  депутаты, ӨзХДП  фракциясы ағзасы Б.Утамбетова тәрепинен "Таллы өзек" МПЖ аймағында жасаўшы қурылыс өмимлерин ислеп шығарыўшы Т.Қалмуратовтың шаңарағында әмелий илаж өткерилди.

Илаж даўамында Өзбекстан  Республикасы Президентиниң 2026-жыл  5-февральдағы 49-санлы қарары менен 12% пенен 33 млн кредит алып мәҳәлледе қурылыс өнимлерин ислеп шығарыў жумысын жолға қойған исбилермен Т.Халмуратовтың жумыс тәжирийбеси менен танысты.

Сондай-ақ, ислеп шығарыў орынларында жаратылған шараятлар, заманагөй технологиялардың енгизилиўи мәселелери үйренилди.

Депутат ислеп шығарыўды кеңейтиў ҳәм бәсекиге шыдамлылықты арттырыў әҳмийетли екенлигин айрықша атап өтти. Өндирис көлемин арттырыў, жаңа инвестицияларды тартыў ҳәм бар машқалаларды сапластырыў бойынша тийисли усыныслар берилди.

Slide 1 of 1