Янгиликлар

Сўнги янгиликлар

янв.21
Xalq vakili MFYda "yettilik" vakillari bilan uchrashib, 24 ta tavsiyaviy savolnoma bo‘yicha suhbat olib bordi
янв.21
Xalq deputatlari Olmazor tumani Kengashi deputati Umida Fayziyeva 2026-yilning birinchi choragi bo‘yicha axborot berdi
янв.21
Xalq deputatlari Olmazor tumani Kengashining haftalik ish rejasi e’lon qilindi
янв.21
Toshkent shahar hokimligi huzuridagi Fuqarolarning o‘zini o‘zi boshqarish organlari xodimlarining malakasini oshirish bo‘yicha o‘quv kurslarida “Mahalliy Kengash deputatlari va fuqarolarning o‘zini o‘zi boshqarish organlari hamkorlik munosabatlari” mavzusida seminar tashkil etildi.
янв.21
Olmazor tumani Ziyokor Mahalla fuqarolar yig`inlarida uchrashuv o`tkazildi.
янв.21
Abdulla Qodiriy nomidagi ijod maktabida yoshlarning  taklif va mulohazalari tinglandi
янв.21
Deputat bilan yuzma-yuz
янв.21
Xalq deputatlari Olmazor tumani Kengashi deputati I. Sagdullayev tomonidan “Xastimom” mahallasida joriy yilning I choragi yakunlari yuzasidan axborot yig‘ilishi tashkil etildi.
янв.21
Xalq deputatlari Olmazor tuman Kengash 21-Namuna saylov okrug deputati D.Raxmatullayev, kotibiyat bosh mutahassisi U.Shopotixovlar Olmazor tumani “Yangi Toshkent” mahalla fuqarolar yig`inlariga tashrif buyurishdi
янв.21
Yoshlar – jamiyat tayanchi: deputat bilan ochiq muloqot
#Мүнәсибет

Ушырасыў алдынан мәмлекетимиз басшысы Қытай жетекшиси ҳәм дос Қытай

халқын Жеңистиң 80 жыллығы ҳәм Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң Тянцьзинь

қаласындағы саммити табыслы өткерилгени менен қызғын қутлықлады.

Өзбекстан Президенти ҚХР Баслығы Си Цзиньпинниң глобал басқарыў

бойынша басламасы өз ўақтында алға қойылғаны ҳәм үлкен әҳмийетке ийе

екенин және бир мәрте атап өтти.

Мәмлекет басшылары өткен жыллар даўамында еки тәреплеме

қатнасықлардың раўажланыўында үлкен жетискенликлерге ерисилгенин атап

өтти. Барлық дәрежелердеги байланыслардың пәти артып атырғаны, сиясий

сөйлесиў беккемленип, әҳмийетли мәселелер бойынша тәреплер бир-бирин

қоллап-қуўатлап атырғаны айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

“Бирден-бир Қытай” сиясатын қоллап-қуўатлаў ҳәм “үш жаўыз күш” –

терроризм, экстремизм ҳәм сепаратизмге қарсы гүресиў мәселелеринде

Өзбекстанның позициясы өзгермейтуғыны тастыйықланды.

Саўда-экономикалық, технологиялық ҳәм финанслық-инвестициялық бирге

ислесиў жедел раўажланбақта. Өткен жылы товар алмасыў 14 миллиард

доллардан асты, жылдыӊ басынан болса және 23 процентке өсти. Санаат ҳәм

аўыл хожалығы өнимлерин өз-ара жеткерип бериў арқалы бул көрсеткишти 20

миллиардқа жеткериў ўазыйпасы тур.

Инвестициялық жойбарлар портфели 60 миллиард доллардан асламды

қурамақта. 2024-жылы улыўма баҳасы 10 миллиард доллардан аслам 64 жойбар

иске қосылған. Мәмлекетимиз аймақларында биргеликтеги технопарклер ҳәм

арнаўлы индустриаллық зоналар жумыс алып бармақта, “BYD”

электромобильлерин ислеп шығарыў кеңейтилмекте ҳәм локализациялаў

дәрежеси арттырылмақта.

Сапар алдынан бизнес форумы табыслы өткерилди. “Жасыл” энергетика ҳәм

энергия нәтийжелилигин арттырыў, жәмийетлик транспортты модернизациялаў

ҳәм санластырыў, төлемли автомобиль жолларын қурыў, әҳмийетли

минералларды терең қайта ислеў, сондай-ақ, химия, суў ҳәм аўыл хожалығы,

туризм ҳәм қала қурылысы тараўларында перспективалы жойбарлар ислеп

шығылған.

Эксимбанк, Қытай мәмлекетлик раўажланыў банки, “Жипек жолы” қоры ҳәм

басқа да институтлар менен кең көлемли шериклик кеңеймекте. Эксимбанктың

жәрдеминде жақында Ташкентте Олимпиада қалашасы қурып питкерилди.

Аймақлараралық алмасыўлардың жеделлескени жоқары баҳаланды. Қытай

тәжирийбеси тийкарында мәмлекетимизде кәмбағаллықты сапластырыўға

қаратылған биргеликтеги илажларды әмелге асырыўда экспертлик жәрдем

даўам еттириледи.

Инновациялық жойбарларды алға қойыў ҳәм қәнигелер таярлаў ушын

Өзбекстан-Қытай жасалма интеллектти раўажландырыў орайын шөлкемлестириў

усыныс етилди.

“Қытай – Қырғызстан – Өзбекстан” стратегиялық темир жолы қурылысының

әмелий басқышы басланғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Илим, медицина, билимлендириў ҳәм туризм тараўларындағы шерикликти

кеңейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди. Мәмлекетимизде Арқа-батыс аўыл ҳәм

тоғай университетиниң филиалы ҳәм Халықаралық математика орайы ашылды.

Сиань нефть университети филиалын ашыў ҳаққында Келисимге қол қойылды.

Пекин технология институты филиалын ашыў режелестирилген.

Усы жылы Өзбекстанда екинши Билимлендириў форумы өткериледи. Қытай

тилин үйрениўди кеңейтиў ҳәм өзбекстанлы жасларды оқытыў ушын квоталарды

көбейтиў, Конфуций институтларының жумысын раўажландырыў

қоллап-қуўатланды.

Мәмлекетимиз аймақларында энергетика, машина қурылысы, жасалма

интеллект, медицина, аўыл хожалығы тараўлары ушын қәнигелер таярлайтуғын

Өзбекстан-Қытай “Лу Бан устаханалары”н шөлкемлестириў нәзерде тутылған.

Туристлер алмасыўының өсиўи ушын шараят жаратыў мақсетинде

авиақатнаўлардың саны арттырылмақта, еки мәмлекет арасында визасыз

тәртип енгизилди.

Усы күнлерде Қытай Миллий музейиндеги үлкен көргизбеде Өзбекстан да

қатнаспақта. 2027-жылы Шанхай ҳәм Пекинде көркем өнер көргизбелерин

өткериў режелестирилген.

Сапар етиў шеңберинде өз-ара мәденият орайларын ашыў ҳаққында тарийхый келисим қабыл етиледи.

Ушырасыўда халықаралық күн тәртиби бойынша да пикир алысылды.

Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, ШБШ, “Орайлық Азия – Қытай” форматы ҳәм

басқа да көп тәреплеме структуралар шеңберинде муўапықласыў ҳәм өз-ара

қоллап-қуўатлаўды даўам еттириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Сөйлесиўлер жуўмағында Өзбекстан жетекшиси Қытай басшысын

мәмлекетимизге сапар менен келиўге мирәт етти. Ушырасыў әдеттегидей

исеним, ашық-айдынлық ҳәм дослық руўхында өтти.

М.Кабулов

 Халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңеси депутаты

Slide 1 of 1