Янгиликлар

Сўнги янгиликлар

янв.21
Deputatlar tomonidan qonun ijrosi yuzasidan o‘rganishlar olib borilmoqda
янв.21
Deputat faoliyatining muhim yo‘nalishi bo‘yicha ta’lim maskanlari faoliyati o‘rganildi
янв.21
Deputatlar tomonidan qonun ijrosi yuzasidan o‘rganishlar olib borilmoqda
янв.21
Xalq deputatlari Muzrabot tumani Kengashi deputatlari va kotibiyati xodimlari uchun seminar o‘tkazildi
янв.21
Deputat mahalla fuqarolar yig‘ini "yettiligi" faoliyati bilan tanishdi
янв.21
Deputat tashabbusi bilan mahallada obodonlashtirish ishlari jadallashmoqda
янв.21
Tuman Kengashi raisi faoliyati: aholi muammolari joyida o‘rganilmoqda
янв.21
Tuman hokimining deputatlik faoliyati: aholi manfaati va bunyodkorlik yo‘lida
янв.21
Deputat faoliyatining eng muhim yo‘nalishlari yuzasidan o‘rganishlar olib borildi
янв.21
Aholiga ko‘rsatilayotgan tibbiy xizmat sifati o‘rganildi
Мүнәсибет

Мен, 14-“Шахаман” сайлаў округынан Халық депутатлары Бозатаў районлық Кеңеси депутаты Абдисамат Аблакумов усы жылдың 5 айы даўамында белгиленген график тийкарында өз сайлаўшыларым алдында әмелге асырған жумысларым бойынша сайлаўшылар менен ушырасыўлар өткерип есабат берип келмектемен.
Ушырасыўлар даўамында елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли демократиялық реформалар, әсиресе, Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыў, халықтың абаданлығын арттырыў, инженерлик-коммуникация инфраструктурасын жақсылаў, жаңа жумыс орынларын жаратыў және социаллық қорғаў системасын беккемлеўге қаратылған Пәрман ҳәм қарарлардың мазмун-мәниси ҳаққында кеңнен мағлыўмат берилди.
Сондай-ақ, Халық депутатлары Бозатаў районлық Кеңесиниң сессияларында қабыл етилген қарарлар, олардың халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў, аймақларды комплексли раўажландырыў ҳәм социаллық машқалаларды шешиўдеги әҳмийети бойынша түсиндириў жумыслары алып барылды.
Ушырасыўда усы жыл ушын қабыл етилген "Мәҳәллелерди раўажландырыў ҳәм жәмиетти жоқарылатыў жылы" Мәмлекетлик бағдарламасы шеңберинде белгиленген тийкарғы ўазыйпалар, мәҳәллелер инфраструктурасын раўажландырыў, халықты социаллық қоллап-қуўатлаў, бәнтликти тәмийинлеў, исбилерменликти раўажландырыў, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм екологиялық турақлылықты тәмийинлеўге қаратылған илажлар ҳаққында да толық мағлыўмат берилди.
Есабат дәўири даўамында сайлаўшылардан жәми 6 мүрәжат келип түсти. Олардың ҳәр бири үйренилип, тийисли мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары және жуўапкер шөлкемлер менен биргеликте көрип шығылды. Нәтийжеде мүрәжатлардың тийкарғы бөлеги унамлы шешилди, қалғанлары бойынша әмелий илажлар көрилмекте.
Соның ишинде, ишки жоллардан «Махсым ауыл» «Казах ауыл» көшелеринин асфальт жолларының қайта  оңланғанлығы бойынша мәселелери унамлы шешилип, халық ушын әҳмийетли болған машқалаларға шешим табылды. Бул болса сайлаўшылардың турмыс сапасы ҳәм турмыс шараятын және де жақсылаўға хызмет етти.
Ушырасыўлар даўамында сайлаўшылар мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформаларды кеңнен қоллап-қуўатлайтуғынын, мәмлекетимиз тәрепинен инсан қәдирин улығлаў, халықты социаллық қорғаў ҳәм аймақларды раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар өз турмысларында айқын сезилип атырғанын айрықша атап өтти.
Қуўанышлы тәрепи, сайлаў округим аймағындағы ишки жоллар, түнги жактыландырыўлар сыяқлы әҳмийетли машқалалар басқышпа-басқыш шешилмекте. Бул бағдарда халық пенен турақлы пикирлесиў, олардың пикир-усынысларын есапқа алыў депутатлық жумысымның тийкарғы бағдарларынан бири болып қалмақта.
Соның менен бирге, халық депутатлары Бозатаў районлық Кеңесиниң сессиялары, турақлы комиссиялар мәжилислери ҳәм депутатлық топарының жумысында турақлы қатнасып, партиямыз электоратының мәплерин қорғаў, халықты ойландырып атырған социаллық мәселелерди көтериў, қабыл етилип атырған қарарлардың халық мәплерине хызмет етиўи бойынша өз усыныс ҳәм басламаларымды алға қойып келмектемен.
Келешекте де сайлаўшыларым менен турақлы сөйлесиў, олардың машқала ҳәм усынысларын терең үйрениў, ҳәр бир мүрәжатқа жуўапкершилик пенен қатнас жасаў және олардың нызамлы мәплерин қорғаў депутатлық жумысымның тийкарғы бағдары болып қалады.

Абдисамат Аблакумов,
 14-“Шахаман” сайлаў округынан Халық депутатлары Бозатаў районлық Кеңеси депутаты