Белгиленген реже тийкарында Халық депутатлары Бозатаў районлық Кеңесиниң ЎзЛиДеП топарынан 15-санлы «Кѳксуў» сайлаў округинен депутат Е.Байжанов ҳәм 12-санлы «Аспантай» сайлаў округинен депутат Г.Жуманазаровалардың сайлаўшылар менен ушырасыўы болып өтти.
Ушырасыўда депутатлар Е.Байжанов ҳәм Г.Жуманазаровалар 2025-жылдың 9 айы даўамында депутатлық ўәкиллиги шеңберинде өз сайлаў округлеринде алып барған жумыслары, соның ишинде, сайлаўшылардың мүрәжатларының шешими, аймақта социал экономикалық раўажландырыў барысында орын алған машқалалардың шешими бойынша есабат берди.
Ушырасыў даўамында аймақ турғынларының мүрәжатлары тыңланды. Пуқаралар тәрепинен билдирилген мүрәжатлар депутатлар тәрепинен қадағалаўға алынып, тийисли уйымларға депутатлық сораўлар жиберилиўи белгиленди.
Сондай-ақ, аймақтағы машқалаларды сапластырыў бойынша тийисли илажлар белгилеп алынды.