Янгиликлар

Сўнги янгиликлар

янв.21
Xalq deputatlari Buxoro viloyati Kengashi deputati Jasurbek Jonibekov Qavola Mahmud MFYda sayyor qabul oʻtkazdi
янв.21
“Gulistonobod” mahallasi yoshlar yetakchisi faoliyati oʻrganildi
янв.21
Xalq deputatlari Buxoro viloyati Kengashining navbatdagi sessiyasi boʻlib oʻtdi
янв.21
Davlat boshqaruvida ochiqlikni ta’minlashga bag‘ishlangan davra suhbati o‘tkazildi
янв.21
Xalq deputatlari Buxoro viloyati Kengashining navbatdagi sessiyasi boʻlib oʻtdi
янв.21
Yoshlar bilan uchrashuvlar tashkil etildi
янв.21
DEPUTAT VA YOSHLAR UCHRASHUVI
янв.21
KOMISSIYA YIGʻILISHI BOʻLIB OʻTDI
янв.21
Yurt tinchligi yoʻlida xizmat qilgan faxriyga hurmat va eʼtibor
янв.21
"Sharq" mahallasida soliq bazasi va tushumlar tanqidiy tahlil qilindi
Мүнәсибет

 Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 4-июль күни Ханкенди қаласында Экономикалық бирге ислесиў шөлкеминиң 17-саммитинде қатнасты.

Мәжилис күн тәртибинен келип шығып, бир қатар мәселелерге итибар қаратты. Атап айтқанда, ЭБШниң орта ҳәм узақ дәўирге мөлшерленген тийкарғы раўажланыў бағдарларын белгилеп алыў кереклиги, бул бағдарда «Экономикалық бирге ислесиўдиң стратегиялық мақсетлери – 2035» концепциясын қабыл етиўи, Ҳүжжетте саўда, инвестиция, транспорт, энергетика, санаат, аўыл хожалығы, экология, туризм ҳәм билимлендириў сыяқлы дәстүрий бағдарлар менен бирге, инновациялар, жасалма интеллект ҳәм санлы технологиялар тараўларында бирге ислесиўди күшейтиўге айрықша итибар қаратыў зәрүрлиги атап өтилди.

ЭБШ шеңберинде товар ҳәм хызметлер саўдасын әпиўайыластырыў, техникалық ҳәм тариф емес тосқынлықларды басқышпа-басқыш сапластырыў, электрон саўданы раўажландырыў мәселелери айрықша әҳмийетли болып есапланады, деди Президентимиз.

Ҳәзирги күнде өз-ара саўда көлеми төмен дәрежеде екенлиги, бул бағдарда стратегиялық мәселелерди додалаў, Саўданы әпиўайыластырыў ҳаққындағы келисимди келисиў мақсетинде усы жылы Ташкентте саўда министрлердиң ушырасыўын өткериў усынысын алға қойды. Буннан тысқары, аўыл хожалығы өнимлериниң саўдасы бойынша оператив мағлыўмат алмасыў ҳәм иркинишсиз жеткерип бериўге қаратылған «жасыл коридорлар» системасын жаратыў әҳмийетли екенлигин атап өтти.

Регионда жаңа авиақатнаўлар жөнелислерин ашыў, авиакомпаниялар арасында инновациялық бирге ислесиў түрлерин жолға қойыў, туризм ҳәм авиация тараўлары арасында маркетинг бойынша интеграцияласқан стратегияларды ислеп шығыў әҳмийетли ўазыйпалардан бири болып есапланатуғынлығы, усы мәселелерди додалаў мақсетинде Миллий авиакомпаниялар форумын Самарқандта шөлкемлестириўди усыныс етти.

Бундай реформалар бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыўына хызмет етеди.

 

 Алишер ХУДАЙБЕРГЕНОВ,

Халық депутатлары Хожели районлық Кеңеси депутаты, ӨзХДП деутатлық топары ағзасы