Янгиликлар

Сўнги янгиликлар

янв.21
O‘zbekiston va Mo‘g‘iliston: tarixiy tashrif va yangi bosqich!
янв.21
🎉 Fidoyi hamkor xodimlar xalq deputatlari viloyat Kengashining tashakkurnomasi bilan taqdirlandi! 🖋🗞️🎙️
янв.21
Mahalla yettiligi faoliyati o‘rganildi
янв.21
Insoniylik va oliyjanoblikning yorqin namunasi — Buxoroda amalga oshirilgan ezgu ish
янв.21
Odamga e’tibor – bu faqat shior emas, balki davlat siyosatining yuzi, partiyamizning ustuvor yo‘li va dunyoqarashidadir.
янв.21
⚡️⚡️ “Deputat va yoshlar”- muloqot va hamkorlik sari.
янв.21
Korrupsiya islohotlar yoʻlidagi eng katta toʻsiq va gʻovdir
янв.21
Ijtimoiy soha obyektlari deputat nazoratida
янв.21
DEPUTATLAR XALQ ORASIDA
янв.21
Xalq deputatlari viloyat Kengashi raisining tegishli farmoyishi asosida ishchi guruhi oʻz ishini boshladi.
МҮНӘСИБЕТ.

Абаданлыққа қарай жол - әмелий ислер менен белгиленеди.

Мойнақ районында өзгерислер даўам етпекте. Бүгин Мойнақ районы ҳәкими Бахтияр Меңлибеков "Қызыл жар" АПЖ халқы менен бирге болып, олардың пәраўанлығы ушын исленип атырған кең көлемли жумысларды бақлап танысты. 

Ирригация системасын модернизация етиў, суўдың ҳәр бир тамшысын халқымыздың жасыл майданлары ҳәм келешеги ушын жумсаў Мойнақ районындағы әҳмийетли мәселелердиң бири. Бул бағдарда Қызыл жар мәҳәллесинде де нәтийжели жумыслар әмелге асырылды. 

Атап айтқанда, 650 млн сўмға энергия үнемлеўши жаңа насос қурып берилип, 8 км аралықтағы жап-салмалар тазаланып, 130 метр аралықтағы жап-салмаларда бетонлаў жумыслары исленди. Буның нәтийжесинде аймақта суў тәмийнаты жақсыланып, дийқаншылық ушын шараятлар және де қолайласпақта.

Ҳүрметли Президентимиз басламасы менен қабыл етилген 52-санлы қарар тийкарында 53 хожалықтың турақ-жайы төбелери жаңадан шиферланды ҳәм 2 хожалыққа жаңа турақ-жай қурылды. Район ҳәкими қурылған жаңа үйлерге көшип кирген халық пенен сәўбет өткерилип, кем тәмийнленген шаңарақлар жағдайында үйренди. Ҳәр бир ўатанласымыз итибардан шетте қалмай атыр! 

Сондай-ақ быйылғы жылы 120 орынлық жаңа бақшаның қурылыс жумыслары баслап жиберилди. Бул мәҳәлле турғынларының көп жыллық арзыў-нийетлери.

Ең қуўанышлысы "Қызыл жар" АПЖдан Бозатаў районына дәрья арқалы барыў имканияты жаратылды. Әлий аўылы дәрьясына қойылған пором арқалы енди Бозатаўдың Хийўа ҳәм Аспантай аўылларына аңсат ҳәм қәўипсиз ҳәрекет етиў мүмкин болады. Бул-халықтың турмысын аңсатластыратуғын әҳмийетли қәдем!

Абаданлыққа қарай жол-әмелий ислер менен белгиленеди.

Мойнақта басланған реформалар әйне усындай жолдан бармақта.

Халық депутатлары Мойнақ районлық Кеңеси депутаты К.Насырова.

Slide 1 of 1