35 yilYagona vatan, yagona xalq bo'lib, yangi hayot va kelajak yaratamiz!

Янгиликлар

Депутат_мәҳәлледе

Бүгин Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси баслығы О.Толыбеков район аймағындағы көп қабатлы турақ-жайлардың ҳәзирги жағдайы ҳәм оларға хызмет көрсетиўши басқарыў сервис компаниясының жумысын үйренди.

Илажда районлық Қурылыс үй-жай коммунал хожалығы бас қәнигеси Н.Мамбетназаров, «Шымбай үй-жай оңлаў» ЖШЖ баслығы Д.Бахиев, Өзбекстан ХДП Шымбай районлық Кеңеси баслығы С.Нурмамбетовлар қатнасты.

Бүгинги күнде районда жәми 42 көп-қабатлы турақ-жай имараты бар болып, оларға басқарыў сервис компаниясы «Шымбай үй-жай оңлаў» ЖШЖ тәрепинен хызмет көрсетилип келинбекте. Үйрениў илажлары даўамында депутат көп қабатлы жайлардың гүз-қыс мәўсимине таярлығы, имаратлардың инженерлик тармақлары, подвал ҳәм кириў бөлимлериниң жағдайы, сондай-ақ, халыққа көрсетилип атырған хызметлердиң сапасы менен танысты. Соны менен бирге, аймақ турғынлары менен сәўбетлесип, олардың басқарыў сервис компаниясы жумысы бойынша пикир-усыныслары ҳәм қызықтырған сораўлары тыңланды.

Үйрениў жумыслары жуўмағында «Шымбай үй-жай оңлаў» ЖШЖ жумысшыларына пуқараларға хызмет көрсетиў сапасын еле де арттырыў, пайда болған машқалаларды өз ўақтында сапластырыў ҳәм аймақлардың абаданлығын тәмийинлеў бойынша анық ўазыйпалар белгилеп берилди.

Slide 1 of 7