35 yilYagona vatan, yagona xalq bo'lib, yangi hayot va kelajak yaratamiz!

Янгиликлар

Кеңес баслығының мәҳәлле белсендилери ҳәм нураныйлар менен ушырасыўы болып өтти

Кеңес баслығының мәҳәлле белсендилери ҳәм нураныйлар менен ушырасыўы болып өтти

♻️ Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиниң баслығы О.Толыбеков мәҳәллелердеги белсенди нураныйлар ҳәм кексе әўлад ўәкиллери менен ушырасыў өткерди.

✅ Қызғын ҳәм ашық сәўбетлесиў руўхында болып өткен ушырасыўда мәҳәллелерде тынышлық ҳәм татыўлықты беккемлеў және жаслар тәрбиясында кексе әўлад ўәкиллериниң тәжирийбесинен кеңнен пайдаланыў мәселелери додаланды. Сондай-ақ, илажда нураныйлардың социаллық белсендилигин арттырыў, олардың мәҳәллелердеги машқалаларды шешиў бойынша усынысларын тыңлаў ҳәм машқалаларын орнында үйрениўге итибар қаратылды.

✍️ Ушырасыў соңында билдирилген усыныслар тийкарында алдағы ўазыйпалар белгилеп алынды ҳәм мәҳәлле белсендилерине тийисли көрсетпелер берилди.

Slide 1 of 5