Өзбекстан
халық демократиялық партиясы Орайлық Кеңес басқарма баслығы Ф.Ф.Элмуродов,
Өзбекстан ХДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси бөлим баслығы Р.Алламбергенов,
Өзбекстан ХДП Шымбай районлық Кеңеси баслығы С.Нурмамбетов ҳәм Халық
депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги партия топары ағзалары Шымбай
районындағы «Инсан» социаллық хызметлер орайы ҳәм де районлық Камбағаллықты
қысқартыў ҳәм бәнтликке көмеклесиў бөлимлери қәнигелери менен пуқараларға социаллық
хызмет көрсетиў, камбағаллықты қысқартыў ҳәм халық бәнтлигин тәмийинлеў
барысында жүзеге келип атырған машқалалар бойынша сәўбетлесиў өткерди.
Ушырасыў
даўамында тараўдағы өзгерислер, келешектеги ўазыйпалар ҳәр тәреплеме додаланып,
тийисли усыныслар билдирилди.