2025-жыл 25-июль күни «Айдын жол»
мәкан пуқаралар жыйынында Өзбекстан ХДП Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы
Кеңеси депутаты А.Аллиярова ҳәм районлық Кеңес депутаты Қ.Жалиев сайлаўшылар
менен ушырасып, 2025-жылдың биринши ярым жылында әмелге асырылған жумыслары
бойынша есабат берди. Ушырасыўға «Айдын жол» МПЖ пуқаралары қатнасты.
Ушырасыўда депутатлар
мәмлекетимизде ҳәм жәмийетимизде болып атырған сиясый жаңалықлар, 2025-жылдың өткен дәўиринде районда, соның ишинде «Айдын
жол» МПЖ да әмелге асырылып атырған жумыслар, жыл даўамында ислениўи
режелестирилген жойбарлар ҳаққында сайлаўшыларға мағлыўмат берди.
Ушырасыў даўамында сайлаўшылардың
усыныс,машқалалары тыңланды.