Янгиликлар

Сўнги янгиликлар

янв.21
Amudaryo tumani hokimligida O‘zLiDeP deputatlik guruhining yig‘ilishi bo‘lib o‘tdi.
янв.21
“Deputatlik nazorati olib borilmoqda”
янв.21
BOSHLANG‘ISH PARTIYA TASHKILOTLARINING FAOLIYATI O‘RGANILDI
янв.21
AMUDARYODA ODAM SAVDOSIGA QARSHI KURASHISH KUNIGA BAG'ISHLANGAN TADBIR TASHKIL ETILDI
янв.21
Deputatlik guruhining navbatdagi yig'ilishi
янв.21
So‘z va haqiqat posbonlariga ehtirom
янв.21
Ochiq muloqot jarayonida har bir muammoli masala alohida qayd etildi, yechim bo'yicha mas'ullarga topshirilar berildi.
янв.21
Nazarxon ovulining ijtimoiy-iqtisodiy rivoji mas'ullar diqqat markazida
янв.21
Xalq deputatlari Amudaryo tumani Kengashining 10-sessiyasi to‘g‘risida AXBOROT
янв.21
“Yuzda yurma – yuzga kir” shiori ostida “Targ‘ibot avtokarvoni” ko‘rgazmali tadbiri tashkil etildi
ЖАҢА БАСҚЫШТА - АШЫҚ, НӘТИЙЖЕЛИ ҲӘМ ХАЛЫҚШЫЛ ЖЕРГИЛИКЛИ ҲӘКИМИЯТҚА ҚАРАЙ!

 Жақында
ҳүрметли Президентимиз тәрепинен қабыл етилген ПП-98-санлы Пәрманға муўапық,
"Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ўәкилликли уйымларының жумысын 2030-жылға
шекем раўажландырыў концепциясы" тастыйықланды. Бул ҳүжжет, әлбетте,
мәмлекетимизде демократиялық реформалардың жаңа басқышын баслап береди. 

Пәрманның тийкарғы мақсетлери: 

Халық ўәкиллери - жергиликли Кеңес депутатларының ўәкиллиги
ҳәм тәсирин күшейтиў; 

Жергиликли машқалаларды орынларда шешиў ушын ҳәкимликлер ҳәм
Кеңеслер арасында нәтийжели бирге ислесиў механизмлерин енгизиў; 

Ташкент қаласында тәжирийбе түринде "Жергиликли
Кеңеслер арқалы халық қадағалаўы" системасын енгизиў; 

Ҳәр бир депутат өз сайлаўшылары менен тиккелей, турақлы
сөйлесиў алып барыўын тәмийинлеў; 

Кеңеслердиң қадағалаў функциясын әмелий ҳәм тәсиршең
механизмлер менен байытыў нәзерде тутылған. 

Пәрман шеңберинде Жергиликли Кеңеслердиң қарарлары ҳәм
шығарылып атырған ҳүжжетлер ашық-айдын болыўы, депутатлардың басламалары
қоллап-қуўатланады ҳәмде мәмлекетлик уйымлардың жумысы үстинен халық ўәкиллери
тәрепинен тәсиршең Кеңес қадағалаўы күшейтиледи. 

Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутатларыда усы
реформаларды әмелге асырыўда белсене қатнасыўға, сайлаўшылардың пикири ҳәм
мәплерин қорғаўға өз үлесин қосыўға өз үлекслерин қосатуғынлығына исенемен. 

  

Б.Искендеров. 

Халық депутатлары Кегейли районлық
Кеңеси Секретариат баслығы