Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Fuqaro murojaati deputat nazoratida: Latifguzar mahallasidagi muammo joyida bartaraf etildi
янв.21
DEPUTAT NAZORATIDAGI MUROJAAT IJROSI TA'MINLANDI
янв.21
Yoshlar sanoat zonasida yaratilayotgan sharoitlar va investitsiya loyihalari ijrosi o‘rganildi
янв.21
Fuqarolar murojaati ijrosi ta’minlandi - Hayratiy mahallasida obodonlashtirish ishlari amalga oshirildi
янв.21
Mahalla yettiligi faoliyati 24 talik tavsiyalar asosida tanqidiy muhokama qilindi
янв.21
Deputat so‘roviga Uchtepa tumani hokimining o'rinbosari tomonidan batafsil ma'lumot taqdim etildi
янв.21
Deputatlar sayyor qabulda fuqarolar muammolariga amaliy yechim topishda faol ishtirok etdi
янв.21
Sport infratuzilmasini yaxshilash masalalari deputat tomonidan o‘rganildi
янв.21
Mahalladagi xotin-qizlar faollari tomonidan amalga oshirilayotgan ishlar samaradorligi o‘rganildi
янв.21
Chamanzor mahallasida elektr ta’minoti va yo‘l infratuzilmasi holati deputat nazoratida o‘rganildi
Сайлаўшылардың машқалалары унамлы шешим тапты

 Мен, 10-“Пахта
пункт” сайлаў округынан Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутаты Мырзатаев
Махмуд усы жылдың 5 айы даўамында белгиленген график тийкарында өз
сайлаўшыларым алдында әмелге асырған жумысларым бойынша сайлаўшылар менен
ушырасыўлар өткерип есабат берип келмектемен.
 

Ушырасыўлар даўамында
елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли демократиялық реформалар, әсиресе,
Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен Қарақалпақстан Республикасын
социаллық-экономикалық раўажландырыў, халықтың абаданлығын арттырыў,
инженерлик-коммуникация инфраструктурасын жақсылаў, жаңа жумыс орынларын
жаратыў және социаллық қорғаў системасын беккемлеўге қаратылған Пәрман ҳәм
қарарлардың мазмун-мәниси ҳаққында кеңнен мағлыўмат берилди.
 

Сондай-ақ, Халық
депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң сессияларында қабыл етилген қарарлар,
олардың халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў, аймақларды комплексли раўажландырыў
ҳәм социаллық машқалаларды шешиўдеги әҳмийети бойынша түсиндириў жумыслары алып
барылды.
 

Ушырасыўда усы
жыл ушын қабыл етилген "Мәҳәллелерди раўажландырыў ҳәм жәмиетти
жоқарылатыў жылы" Мәмлекетлик бағдарламасы шеңберинде белгиленген тийкарғы
ўазыйпалар, мәҳәллелер инфраструктурасын раўажландырыў, халықты социаллық
қоллап-қуўатлаў, бәнтликти тәмийинлеў, исбилерменликти раўажландырыў,
билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм екологиялық турақлылықты тәмийинлеўге
қаратылған илажлар ҳаққында да толық мағлыўмат берилди.
 

Есабат дәўири
даўамында сайлаўшылардан жәми 20 мүрәжат келип түсти. Олардың ҳәр бири
үйренилип, тийисли мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары және жуўапкер
шөлкемлер менен биргеликте көрип шығылды. Нәтийжеде мүрәжатлардың тийкарғы
бөлеги унамлы шешилди, қалғанлары бойынша әмелий илажлар көрилмекте.
 

Соның ишинде, 15
мәселе унамлы шешилип, халық ушын әҳмийетли болған машқалаларға шешим табылды.
Бул болса сайлаўшылардың турмыс сапасы ҳәм турмыс шараятын және де жақсылаўға
хызмет етти.
 

Ушырасыўлар
даўамында сайлаўшылар мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформаларды
кеңнен қоллап-қуўатлайтуғынын, мәмлекетимиз тәрепинен инсан қәдирин улығлаў,
халықты социаллық қорғаў ҳәм аймақларды раўажландырыў бағдарында әмелге
асырылып атырған жумыслар өз турмысларында айқын сезилип атырғанын айрықша атап
өтти.
 

Қуўанышлы тәрепи,
сайлаў округим аймағындағы суў менен байланыслы сыяқлы әҳмийетли машқалалар
басқышпа-басқыш шешилмекте. Бул бағдарда халық пенен турақлы пикирлесиў,
олардың пикир-усынысларын есапқа алыў депутатлық жумысымның тийкарғы
бағдарларынан бири болып қалмақта.
 

Соның менен
бирге, халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң сессиялары, турақлы
комиссиялар мәжилислери ҳәм депутатлық топарының жумысында турақлы қатнасып,
партиямыз электоратының мәплерин қорғаў, халықты ойландырып атырған социаллық
мәселелерди көтериў, қабыл етилип атырған қарарлардың халық мәплерине хызмет
етиўи бойынша өз усыныс ҳәм басламаларымды алға қойып келмектемен.
 

Келешекте де
сайлаўшыларым менен турақлы сөйлесиў, олардың машқала ҳәм усынысларын терең
үйрениў, ҳәр бир мүрәжатқа жуўапкершилик пенен қатнас жасаў және олардың
нызамлы мәплерин қорғаў депутатлық жумысымның тийкарғы бағдары болып қалады.
 

  

  

М.Мырзатаев, 

10-“Пахта пункт” сайлаў округынан
Халық депутатлары


Кегейли районлық Кеңеси депутаты