Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Deputat tomonidan hududdagi ichimlik suvi bilan bog‘liq masalalar o‘rganildi
янв.21
Kengash rahbariyati va Yoshlar maslahat guruhi yangi istiqbollarni belgiladi
янв.21
Deputat o'z okrugida muammoli masalani hal etish choralarini ko'rmoqda
янв.21
Xalq deputatlari Uchtepa tumani Kengashining navbatdagi sessiyasi
янв.21
Siyosiy partiyalar yig'ilishida tuman deputatlarining roli
янв.21
Uchtepa tumanida PQ-311 ijrosi - 25-sonli oilaviy poliklinika faoliyati tahlil qilindi
янв.21
Bog‘iston MFYda piyodalar yo‘lagi muammosi - deputat aralashuvi bilan vaziyat nazoratga olindi
янв.21
“Sharq yulduzi” mahallasida sayyor qabul - murojaatlar tahlili va amaliy yechimlar
янв.21
Doimiy komissiyada favqulodda vaziyatlarning oldini olish masalasi muhokama qilindi
янв.21
Uchtepa tumanida ichki yo‘llar yaxshilanmoqda - fuqarolar manfaatiga xizmat qilayotgan keng ko‘lamli ishlar
ДЕПУТАТ САЙЛАЎШЫЛАРЫ МЕНЕН УШЫРАСТЫ

ДЕПУТАТ САЙЛАЎШЫЛАРЫ МЕНЕН УШЫРАСТЫ

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 2026-жыл 6-апрель күнги оныншы сессиясының қарарына муўапық Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты, ӨзХДП фракциясы ағзасы Б.Утамбетова тәрепинен Республикамызда әмелге асырылып атырған реформалар ҳаққында кең жәмийетшиликке жеткериў ҳәм сайлаўшылардың мүрәжатларын тыңлаў мақсетинде "Ҳәким-ата" ҳәм "Қызыл жар" аўыл пуқаралар жыйынындағы сайлаўшылар менен ушырасыўы болып өтти.

Ушырасыўда депутат Б.Утамбетова 2026-жылдың I шереги даўамында әмелге асырылған депутатлық искерлиги ҳәм Президентимиздиң  Қарақалпақстан Республикасы ушын өз алдына қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлары, әҳмийетли ҳүжжетлер тийкарында халықтың абадан турмысын тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған кең көлемли илажлар ҳаққында түсиниклер берди.

Ушырасыў даўамында депутат тәрепинен сайлаўшылардың мүрәжатлери тыңланып, шешими бойынша тийисли ўазыйпалар белгилеп алынды.

Slide 1 of 1