Елимизде “Әҳмийетли 90 күн” жойбары шеңберинде жаслардың бос ўақтын мазмунлы өткериў, оларды саламатландырыў, кәсип-өнерге бағдарлаў, билимлендириў шөлкемлери арасында жаз айларында биргеликте жедел жумыс алып барыў тийкарғы ўазыйпа сыпатында белгиленген.
Усы мүнәсибет пенен Нөкис районы Саманбай аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 17-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде самбо дөгерек, информатика пән дөгереги, китапхана дөгерек, волейбол дөгереги ҳәм Шахмат-шашка спорт дөгереклери шөлкемлестирилген.
Бул илажға район прокуроры П.Халмуратов қатнасып, оқыўшылар менен сәўбетлести ҳәм олардың “Әҳмийетли 90 күн” жойбары бойынша усынысларын тыңлады.