ҲӘКИМ ҲӘМ ЖАСЛАР УШЫРАСЫЎЫ
Нөкис районы «Саманбай» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы Өзбекстан Республикасы экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм ықлым өзгериўи министрлиги жанындағы Аралбойы халықаралық иннавация орайында жаслар айлығы шеңберинде «Ҳәким ҳәм жаслар» ушырасыўы болып өтти.
Еркин пикирлесиў, ашық-айдын сәўбет формасында өткерилген илажға район ҳәкими З.Зайтов ҳәм жаслар қатнасты.
Ушырасыўда район ҳәкими З.Зайтов сөзге шығып, Ҳүрметли Президентимиздиң тиккелей басшылығында жасларға қаратылып атырған айрықша итибар, оларды қоллап-қуўатлаў, талант ҳәм қәбилетин жүзеге шығарыў мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилгени, ҳәрбир жастың машқалаларын шешиў жолында бар имканиятлар жумсалып атырғанлығын атап өтти.
Илаж даўамында жаслар да өзлериниң машқала ҳәм усыныслары менен бөлисип, қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.
Ушырасыў жуўмағында барлық жаслар тәрепинен өзлерин қоллап-қуўатлап, усыныс-машқалаларына унамлы шешим табыў бойынша өткерилип атырған илажлар ушын район ҳәкимине өз миннетдаршылығын билдирди.