ПАРЛАМЕНТЛЕРАРАЛЫҚ ҚАТНАСЫҚЛАР КЕҢЕЙМЕКТЕ.
Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Спикери Нуриддин Исмоилов басшылығындағы делегация Қазахстан Республикасының Астана қаласында болып тур. Сапар етиў даўамында Туркий тиллес мǝмлекетлер парламент ассамблеясының (ТуркПА) "TURKTIME: парламент дипломатиясының роли" темасында болып ѳтетугын 14-жалпы мǝжлисине қатнасыў ҳǝм бир қатар еки тǝреплеме ушырасыўлар ѳткериў нǝзерде тутылған.
Бул ҳаққында тѳменги палатаның баспасѳз хызмети мǝлим етти.
Сонын ишинде, сапар шеңберинде Əзербайжан Республикасы Миллий Межлиси Баслығы Соҳиба Гафарова менен ушырасыў ѳткерилди. Онда еки мǝмлекет басшыларының сиясий ерк-ықрары себепли Ѳзбекстан ҳǝм Əзейбайжан арасындағы қатнасықлар раўажланып атырғаны, бирге ислесиўдиң барлық бағдарларында унамлы ѳсиў кланып атырғаны айрықша атап ѳтилди. С.Гафарова Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Ѳзбекстанда ǝмелге асырылып атырған тарийхый реформаларды жоқары бахалады. Еки мǝмлекет арасындағы парламентлераралық сѳйлесиў ǝдеўир жеделллескенин атап ѳтти. Ѳз-ара байланыслар халықаралық парламентлераралық шѳлкемлер шеңберинде беккемленип атырғаны ҳǝм парламентлераралык бирге ислесиў топарларының дүзилгени ǝҳмийетли фактор болып атырғанын атап ѳтти.
Нуриддин Исмоилов сондай-ак, Қырғыз Республикасы Жогорку Кеңеси торағасы Нурланбек Турғунбек улы менен ушырасыу ѳткерди.
Сѳйлесиў ўақтында ѳзбек-қырғыз қатнасықлары стратегиялық шериклик дǝрежесинде жедел раўажланып атырғаны, мǝмлекет басшыларының турақлы ушырасыўлары ҳǝм жоқары дǝрежедеги сѳйлесиўлери еки тǝреплеме парламентлераралық қатнасықларды кеңейтиў ушын беккем тийкар жаратқаны атап ѳтилди.
Н.Турғунбек усы быйыл апрель айында Ташкент қаласында болып ѳткен Парламентлераралық Аўкамның 150-юбилей ассамблеясы жоқары дǝрежеде шѳлкемлестирилгенин атап ѳтти. Сѳйлесиў ўақтында еки тǝреплеме парламентлераралық байланысларды буннан былай да беккемлеў ҳаққында сѳз болды.
Г.Юсупова 3-санлы Мадинят сайлаў округи депутаты.