Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Бугун халқ депутатлари Учқўрғон тумани Кенгашининг Коррупцияга қарши курашиш ва хавфсизлик масалалари бўйича доимий комиссиясининг навбатдаги йиғилиши бўлиб ўтди.
янв.21
“Yoshlar fikri – parlament kuchi” shiori ostida “Parlament oromgohi” o‘quv seminari bo‘lib o‘tmoqda
янв.21
Учқўрғон туманида 2025-йилда амалга оширилган ишлар муҳокама қилинди
янв.21
Учқўрғон туманида “Ўзбекистон – 2030” стратегияси ва Президент Мурожаатномаси мазмун-моҳияти бўйича тарғибот учрашувлари ўтказилди
янв.21
Учқўрғон туманида коррупцияга қарши кураш мавзусида учрашув ўтказилди
❗️Шымбай районы ХДП: АКЦИЯ ШЕҢБЕРИНДЕ ХАЛЫҚТЫҢ МАШҚАЛАСЫ УНАМЛЫ ШЕШИЛЕТУҒЫН БОЛДЫ

Өзбекстан ХДП Шымбай районлық Кеңеси ҳәм Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги партия топары тәрепинен "Қызыл өзек" аўыл пуқаралар жыйынында "Бир мәҳәлле - бир баслама" акциясы өткерилди.

Илажда Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси депутаты, партия топары ағзасы А.Есемуратов, Өзбекстан ХДП Шымбай районлық Кеңесиниң баслығы С.Нурмамбетов, "мәҳәлле жетилиги" ўәкиллери ҳәм аймақ турғынлары қатнасты.

Ушырасыўда дәслеп депутат тәрепинен Президентимиздиң Олий Мажлис ҳәм Өзбекстан халқына жоллаған Мүрәжатында белгилеп берилген 6 тийкарғы бағдар, сондай-ақ, жетилистирилип атырған “Өзбекстан –2030” стратегиясының тийкарғы мақсет ҳәм ўазыйпалары ҳаққында мағлыўматлар берилип, депутат А.Есемуратов өзиниң 2025-жыл даўамындағы депутатлық искерлиги ҳаққында сайлаўшыларға есабат берди. Буннан соң, сайлаўшылар менен сөйлесип, олардың мүрәжатлары тыңланды.

Атап айтқанда, усы аймақта жайласқан Қоңырат көшесиниң 0,3 км. бөлегине қум-шебен (ШПС) араласпасын төсеп бериў мәселесинде мүрәжат болды. Бул мүрәжат бойынша депутат А.Есемуратов тәрепинен тийисли мәкемеге депутатлық сораў жиберилди ҳәм мүрәжат унамлы шешилетуғын болды.

Slide 1 of 5