Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Yoshlar bilan ilm olish imkoniyatlari yuzasidan davra suhbati o‘tkazildi
янв.21
«Sayopir» mahallasida ijtimoiy reyestrdagi oilalar holati o‘rganildi
янв.21
«Sayopir» mahallasida ijtimoiy xizmatlar samaradorligi o‘rganildi.
янв.21
Mahallalar yettiligi o‘rtasida sport musobaqalari o‘tkazildi.
янв.21
TOMORQA XO‘JALIGI TO‘G‘RISIDAGI QONUN YUZASIDAN DAVRA SUHBATI O‘TKAZILDI.
янв.21
Ijtimoiy reyestrdagi oila muammosi ijobiy hal etildi.
янв.21
Deputat tomonidan aholi muammolari va ijtimoiy xizmatlar o‘rganildi.
янв.21
“Saidlar” mahallasida ijtimoiy xizmatlar holati tahlil qilindi.
янв.21
Maktabdagi to‘garaklar faoliyati o‘rganildi.
янв.21
«Pastom» mahallasida aholi muammolari o‘rganildi
Депутат_мәҳәлледе

✅ Бүгин, 2-сентябрь күни республикамыздың барлық улыўма билим бериў мектеплеринде 2026-2027-оқыў жылының басланыўына бағышланған "Биринши қоңыраў" байрам илажлары жоқары кейпиятта өткерилди.

Усы мүнәсибет пенен Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги ӨзХДП депутатлық топары ағзасы А.Утепбергенова "Кеңес" аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан 9-санлы улыўма билим бериў мектебинде өткерилген салтанатлы илажда қатнасты.

♻️ Илаж даўамында депутат сөзге шығып шығып мектеп жәмәәти, оқытыўшылар, оқыўшылар ҳәм ата-аналарды жаңа оқыў жылының басланыўы менен қызғын қутлықлады. Әсиресе, мектеп босағасына биринши мәрте қәдем қойып атырған 1-класс оқыўшыларына оқыўда үлкен табыслар, билим шыңларын ийелеўде табыслар тиледи. Сондай-ақ, мәмлекетимизде билимлендириў тараўын раўажландырыў, жасларға сапалы тәлим-тәрбия бериў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларға тоқтап өтти.

📌Илаж соңында жаңа оқыў жылының дәстүрий "Биринши қоңыраўы" шертилип, оқыўшылар жаңа оқыў жылындағы дәслепки сабақларын алыў ушын класс ханаларына мирәт етилди.

Slide 1 of 5