Yangiliklar

"Ақмаңғыт" посёлкалық пуқаралар жыйынында "Депутат мәҳәлледе"жойбары шеңберинде илаж өткерилди.

 Илажда депутат Ғ.Сабуров Президентимиз басшылығында мәмлекетимизде журтымыздың раўажланыўы ҳәм халықтың турмыс пәраўанлығын тәмийнлеў бағдарында алып барылып атырған реформалардың мазмун мәниси, әсиресе Қарақалпақстан ушын қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлар тийкарында әмелге асырылып атырған ислер бойынша кеңнен түсиник берип өтти.

   Сәўбетлесиў даўамында аўыл белсендилериниң мүрәжатлары тыңланды ҳәм олардың шешими бойынша тийисли ўазыйпалар белгилеп алынды.

Slide 1 of 3