Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
KORRUPSIYAGA QARSHI KURASHISH BO‘YICHA AMALGA OSHIRILAYOTGAN ISHLAR TAHLIL QILINDI
янв.21
YOSHLAR YETAKCHISI TOMONIDAN AMALGA OSHIRILGAN ISHLAR TAHLIL QILINDI.
янв.21
DEPUTAT MAHALLADA
янв.21
AYLANMAJAR MAHALLASIDA MAHALLA OBODLIGI BO‘YICHA ISHLAR SAMARALI AMALGA OSHIRILMOQDA
янв.21
AYLANMAJAR MAHALLASIDA TADBIRKORLIK LOYIHALARI O‘RGANILDI
янв.21
TURVAT MAHALLASIDA MAHALLA YETTILIGI FAOLIYATI TAHLIL QILINDI
янв.21
AYLANMAJAR MAHALLASIDA BANDLIK VA TADBIRKORLIK ISHLARI O‘RGANILDI
янв.21
DEPUTAT SO‘ROVI IJOBIY HAL ETILMOQDA.
янв.21
YANGI ISH O‘RINLARI YARATISH VA TOMORQA YERLARIDAN FOYDALANISH KO‘RIB CHIQILDI
янв.21
XONARIQ MAHALLASI IJTIMOIY-IQTISODIY RIVOJLANISH YO‘L XARITALARI BO‘YICHA O‘RGANILDI
МҮНӘСИБЕТ

Дене тәрбия ҳәм спорт тараўында әҳмийетли ўазыйпалар белгиленди

Дене тәрбия ҳәм спорт тараўында белгиленген тийкарғы ўазыйпалар бүгинги күнде мәмлекет раўажланыўының әҳмийетли бағдарларының бирине айланып бармақта. Бул бағдарда Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң басшылығында өткерилген видеоселектор мәжилиси спортты буннан былай да раўажландырыў, оны кеңнен ғалаба ен жайдырыў ҳәм системалы түрде жетилистириўде әҳмийетли қәдем болды.

Мәжилисте атап өтилгениндей, спорт тек ғана физикалық жумыс емес, ал саламат турмыс тәризин қәлиплестириўши, инсанды тәртипли ҳәм жигерли етип тәрбиялаўшы әҳмийетли фактор болып есапланады. Соның менен бирге, ол ўатансүйиўшилик руўхын беккемлеў ҳәм мәмлекеттиң халықаралық майдандағы абырайын арттырыўда да үлкен әҳмийетке ийе.

Кейинги жылларда әмелге асырылған жумыслар бул тараўдағы реформалардың нәтийжесин айқын көрсетпекте. Атап айтқанда, мыңлаған мәҳәллелерде заманагөй спорт майданшалары қурылды, аймақларда жаңа спорт обьектлери қурылып, халық ушын қолайлы шараятлар жаратылды. Бул болса кең жәмийетшиликти, әсиресе, жасларды спортқа тартыўда әҳмийетли фактор болып хызмет етпекте.

Соның менен бирге, селекция ҳәм таярлаў системасын жетилистириў мәселеси де әҳмийетли әҳмийетке ийе болмақта. Талантлы жасларды анықлаў, оларды мақсетли таярлаў ҳәм профессионал спортқа бағдарлаў арқалы жоқары нәтийжелерге ерисиў мүмкин. Бул болса келешекте халықаралық жарысларда елимиздиң абырайын мүнәсип қорғайтуғын спортшылардың қатарын кеңейтиўге хызмет етеди.

Жуўмақлап айтқанда, дене тәрбия ҳәм спорт тараўында белгиленген тийкарғы ўазыйпалар тек ғана халықтың саламатлығын беккемлеў емес, ал жәмийетте саламат орталықты қәлиплестириў, жасларды бәркамал әўлад етип тәрбиялаў ҳәм мәмлекеттиң абырайын арттырыўға қаратылған әҳмийетли стратегиялық бағдар болып есапланады.

Бибихан УТАМБЕТОВА,
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты, ӨзХДП фракциясының ағзасы