Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
KORRUPSIYAGA QARSHI KURASHISH BO‘YICHA AMALGA OSHIRILAYOTGAN ISHLAR TAHLIL QILINDI
янв.21
YOSHLAR YETAKCHISI TOMONIDAN AMALGA OSHIRILGAN ISHLAR TAHLIL QILINDI.
янв.21
DEPUTAT MAHALLADA
янв.21
AYLANMAJAR MAHALLASIDA MAHALLA OBODLIGI BO‘YICHA ISHLAR SAMARALI AMALGA OSHIRILMOQDA
янв.21
AYLANMAJAR MAHALLASIDA TADBIRKORLIK LOYIHALARI O‘RGANILDI
янв.21
TURVAT MAHALLASIDA MAHALLA YETTILIGI FAOLIYATI TAHLIL QILINDI
янв.21
AYLANMAJAR MAHALLASIDA BANDLIK VA TADBIRKORLIK ISHLARI O‘RGANILDI
янв.21
DEPUTAT SO‘ROVI IJOBIY HAL ETILMOQDA.
янв.21
YANGI ISH O‘RINLARI YARATISH VA TOMORQA YERLARIDAN FOYDALANISH KO‘RIB CHIQILDI
янв.21
XONARIQ MAHALLASI IJTIMOIY-IQTISODIY RIVOJLANISH YO‘L XARITALARI BO‘YICHA O‘RGANILDI
Мүнәсибет

Мүнәсибет

Қарақалпақстан Республикасы турақлы социаллық-экономикалық раўажландырылады

    ♻️ Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 14-августтағы “Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыўға қаратылған илажларды буннан былай да жеделлестириў ҳаққында”ғы ПҚ-248-санлы қарары қабыл етилди.

 Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаўды және де күшейтиў, қолайлы инвестиция орталығын жаратыў ҳәм инфраструктурасын жақсылаў заманагөй қатнаслар тийкарында қаржылай хызмет көрсетиў көлемин кеңейтиў ҳәмде жоқары дәраматлы жумыс орынларын жаратыўға қаратылған жойбарларды әмелге асырыўды жеделлестириў көзде тутылған.  

✅ Бунда «Жалпы аймақлық өним көлемин орташа 6-6,5 процентке, санаат өндирисиниң көлемин 5-6 процентке жеткериў, базар хызметлер көлемин 15-17 процентке ҳәм де аўыл хожалығы ислеп шығарыўын 4-5 процентке өсиўин тәмийинлеў» 2025-2026-жылларда Қарақалпақстан Республикасын турақлы социаллық-экономиқалық раўажландырыўдың тийкарғы мақсетли көрсеткишлери етип белгиленди. 

Әлбетте бундай алға илгерилеўлер халықтың абадан турмыс кешириўине үлкен тәсир көрсетпей қалмайды. Базар системасында турақлылыққа ерисиў пукаралардын азық-аўқатлық өнимин машқалаларсыз сатып алыўына үлкен жәрдем көрсетеди.

Қуралбай Абдикаримов.

1-Қоразой сайлаў округынан Халық депутатлары Қанлыкөл районлық Кеңеси депутаты, ӨзХДП депутатлық топары ағзасы.