Бүгин районлық «Жаслар орайы»нда жасларды миллий қадриятларымызға ҳүрмет руўхында тарбиялаў, нураныйлардың турмыслық тәжрийбесин өсип киятырған жәс әўладқа сиңдириў мақсетинде «Бир нураный он жасқа жуўапкер» таңлаўының районлық басқышы болып өтти.
Илажда Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси баслығы О.Толыбеков қатнасып, жыйналғанларды кызғын қутлықлап, нураныйлардың жаслар тарбиясындағы, мәҳәллелерде аўызбиршиликти тәмийинлеўдеги орны айрықша екенлигин атап өтти.
Таңлаўға райондағы барлық мәҳәллелерден өзлериниң ибратлы жумыслары менен жасларға үлги болып киятырған нураныйлар қатнасты.
Қызғын беллесиўлерге бай тәризде өткерилген таңлаў жуўмағында ең белсенди ҳәм нәтийжели жумыс алып барып атырған нураныйлар анықланып, жеңимпазларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен естелик саўғалары ҳәм хүрмет жарлықлар тапсырылды.