35 yilYagona vatan, yagona xalq bo'lib, yangi hayot va kelajak yaratamiz!

Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Xalq deputatlari To‘rtko‘l tuman Kengashiga O‘zLiDEPdan saylangan 5-“Markazobod” saylov okrugi deputati Zaynabjon Abdullayevna Tillayeva, tumani Kengashiga Milliy tiklanish DPdan saylangan 3-“Navoiy” saylov okrugi deputati Nasiba Ramanovna Allabergenova, tuman Kengashi kotibiyati bosh mutaxassisi Mo‘minjon Ilxamovich Yernazarovlar “Turkiston” MFYda o‘rganish ishlari olib borildi.
янв.21
Xalq deputatlari tuman Kengashiga O‘zLiDEPdan saylangan 13-“Nurafshon” saylov okrugi deputati Murod Talipjanovich Atajanov “Yaxtilik” MFYda o‘rganish ishlari olib borildi.
янв.21
📍 Xalq deputatlari To‘rtko‘l tuman Kengashi 18-“Yangiyo‘l” saylov okrugi, O‘zLiDEPdan saylangan deputati, tuman hokimi Ilxomboy Tilavbayevich Xudaybergenov “Qoraxonboy qurilish” MChJ tomonidan amalga oshirilayotgan ko‘p qavatli turar joy majmuasiga tamal toshi qo‘yildi.
янв.21
Deputat mahallada:
янв.21
Deputat va mahalla faollari uchrashuvi
янв.21
MUNOSABAT
янв.21
Тўрткўл тумани ҳокимлиги биносида O'zLiDeP депутатлик гуруҳи аьзолари ва жамоат ташкилотлари иштирокида навбатдаги эшитув бўлиб ўтди.
янв.21
To‘rtko‘l tumani MMTBga qarashli 10- sonli umumta’lim maktabida O‘zXDP Qoraqalpog‘iston Respublikasi Jo‘qorg‘i Kengesi deputati S.Gechgeldiyeva O‘zbekiston Respublikasi Prezidenti Sh.M.Mirziyoyevning Oliy Majlis va O‘zbekiston Respublikasi xalqiga yo‘llagan murojaatnomasining mazmun va mohiyati maktab yoshlar jamoasi va xodimlariga tushuntirish ishlari olib borildi.
янв.21
“Quvonch va mehr ulashaylik” loyihasi doirasida hayriya tadbiri
янв.21
MUROJAATNOMADAGI MUHOKAMALAR
Мүнәсибет

 Мен, 20-“Суенли” сайлаў округынан Халық депутатлары Хожели районлық Кеңеси
депутаты Бабамырат
Қурбанов усы жылдың 6 айы даўамында
белгиленген график тийкарында өз сайлаўшыларым алдында әмелге асырған
жумысларым бойынша сайлаўшылар менен ушырасыўлар өткерип есабат берип
келмектемен.
 

Ушырасыўлар даўамында елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли
демократиялық реформалар, әсиресе, Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен
Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыў, халықтың
абаданлығын арттырыў, инженерлик-коммуникация инфраструктурасын жақсылаў, жаңа
жумыс орынларын жаратыў және социаллық қорғаў системасын беккемлеўге қаратылған
Пәрман ҳәм қарарлардың мазмун-мәниси ҳаққында кеңнен мағлыўмат берилди.
 

Сондай-ақ, Халық депутатлары Хожели районлық Кеңесиниң сессияларында қабыл
етилген қарарлар, олардың халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў, аймақларды
комплексли раўажландырыў ҳәм социаллық машқалаларды шешиўдеги әҳмийети бойынша
түсиндириў жумыслары алып барылды.
 

Ушырасыўда усы жыл ушын қабыл етилген "Мәҳәллелерди раўажландырыў ҳәм
жәмиетти жоқарылатыў жылы" Мәмлекетлик бағдарламасы шеңберинде белгиленген
тийкарғы ўазыйпалар, мәҳәллелер инфраструктурасын раўажландырыў, халықты
социаллық қоллап-қуўатлаў, бәнтликти тәмийинлеў, исбилерменликти раўажландырыў,
билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм екологиялық турақлылықты тәмийинлеўге
қаратылған илажлар ҳаққында да толық мағлыўмат берилди.
 

Есабат дәўири даўамында сайлаўшылардан жәми 12 мүрәжат келип түсти. Олардың
ҳәр бири үйренилип, тийисли мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары және
жуўапкер шөлкемлер менен биргеликте көрип шығылды. Нәтийжеде мүрәжатлардың
тийкарғы бөлеги унамлы шешилди, қалғанлары бойынша әмелий илажлар көрилмекте.
 

Соның ишинде, “Суенли” МПЖ аймағындағы 1,5 км ишки жолларға қум-шебень
араласпасы төсеп берилди ҳәм де усы аймақта түнги жақтыландырыў шырақлары тийисли
шөлкемлерге депутат сораўы жиберилиўи арқалы мәселе унамлы шешим табылды. Сонын
менен бирге, социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж 5 шаңараққа азық-аўқатлық
өнимлери берилди. Бул болса сайлаўшылардың турмыс сапасы ҳәм турмыс шараятын
және де жақсылаўға хызмет етти.
 

Ушырасыўлар даўамында сайлаўшылар мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған
реформаларды кеңнен қоллап-қуўатлайтуғынын, мәмлекетимиз тәрепинен инсан
қәдирин улығлаў, халықты социаллық қорғаў ҳәм аймақларды раўажландырыў
бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар өз турмысларында айқын сезилип
атырғанын айрықша атап өтти.
 

Соның менен бирге, халық депутатлары Хожели районлық Кеңесиниң сессиялары,
турақлы комиссиялар мәжилислери ҳәм депутатлық топарының жумысында турақлы
қатнасып, партиямыз электоратының мәплерин қорғаў, халықты ойландырып атырған
социаллық мәселелерди көтериў, қабыл етилип атырған қарарлардың халық мәплерине
хызмет етиўи бойынша өз усыныс ҳәм басламаларымды алға қойып келмектемен.
 

Келешекте де сайлаўшыларым менен турақлы сөйлесиў, олардың машқала ҳәм
усынысларын терең үйрениў, ҳәр бир мүрәжатқа жуўапкершилик пенен қатнас жасаў
және олардың нызамлы мәплерин қорғаў депутатлық жумысымның тийкарғы бағдары
болып қалады.
 

  

  

Бабамырат Қурбанов,

20-“Суенли” сайлаў округынан
Халық депутатлары Хожели районлық
Кеңеси депутаты