Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Tomdibuloq OFYdagi bog‘lar faoliyati o‘rganildi
янв.21
Tumanda qurilish sohasida amalga oshirilayotgan ishlar o‘rganildi
янв.21
Qulumbet ovulidagi maktab qurilish ishlari o‘rganildi
янв.21
Doimiy komissiya yig‘ilishi bo‘lib o‘tdi
янв.21
Ko‘p qavatli uylar holati o‘rganildi
янв.21
Xalq deputatlari tuman Kengashi kotibiyati mudiri v.v.b A.Jaysanbayev “Sharq” OFYda hokim yordamchisi faoliyati bilan tanishdi.
янв.21
“Ayaqquduq” OFYda ichki yo‘llar va tungi yoritish holati o‘rganildi
янв.21
Aholiga sifatli tibbiy xizmat ko‘rsatish va davlat tibbiy sug‘urtasi tizimi ijrosi o‘rganildi
янв.21
Keregetov OFYdagi bog‘ holati o‘rganildi
янв.21
Aholiga sifatli tibbiy xizmat ko‘rsatish masalasi o‘rganildi
Мүнәсибет

 Мүнәсибет

 Өзбекстан Республикасында жергиликли
мәмлекетлик ҳәкимият ўәкиллик органлары жумысын 2030-жылға шекем раўажландырыў
концепциясын тастыйықлаў ҳаққындағы Өзбекстан Республикасы Президентиниң
98-санлы пәрманы менен жергиликли Кеңеслердиң жумысын жетилистириўге қаратылған
әҳмиетли бағдарлар белгилеп берилмекте.
Мине, усындай әҳмиетли мәселелерден
бири - жергиликли Кеңеслер тәрепинен қабыл етилип атырған қарарлардың
жергиликли Кеңеслердиң норма дөретиўшилик жумысының сапасын


арттырыў мақсетинде Жергиликли Кеңеслер жанындағы Эксперт топарлары, Жаслар
мәсләҳәт топарлары ҳәм пуқаралық жәмиетиниң басқа да институтларының жумыс
тәжирийбелеринен Кеңеслердиң жумысында нәтийжели пайдаланыў арасындағы өз-ара
бирге ислесиўди күшейтиў болып есапланады. Жасларға байланыслы мәмлекетлик
сиясатты әмелге асырыў, жаслардың жәмиетлик-сиясий белсендилигин
қоллап-қуўатлаў, норма дөретиўшилиги процесинде, атап айтқанда, жаслар
мәселелерине байланыслы қарар жойбарларын ислеп шығыў ҳәм додалаўда белсене
қатнасыў, жасларға байланыслы мәселелер бойынша усыныслар ислеп шығыў ушын ҳәр
бир жергиликли Кеңеслер жанында Жаслар маслаҳат топарлары шөлкемлестирилди.
Сондай-ақ, халық депутатлары районлық Кеңеси ҳәм оның турақлы комиссиялары
хызметин экспертлик ҳәм мәлимлеме-мәсләҳәт тәрепинен тәмийинлеў, олардың норма
дөретиўшилик жумысы ҳәм қадағалаў-таллаў илажларын таярлаў ҳәм өткериўге
көмеклесиў ушын өз жумысын жәмиетлик тийкарда алып баратуғын мәсләҳәт уйымы
яғный Экпертлер топары шөлкемлестирилди. Қала берсе жергиликли Кеңеслер
тарепинен қабыл етилип атырган шешимлердин нызамларымызға толық мас келиўин
тәмийнлеу мақсетинде жергиликли Кеңестиң жумысында мәмлекетлик емес
коммерциялық емес шөлкемлер, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, пуқаралық
жәмиетиниң басқа да институтлары ҳәм илимий топарлардың ўәкиллериниң белсене
қатнасыўы тәмийинленеди. Булардын баршеси жергиликли Кенеслер жумысларын
профиссонал дапежеге жеткериу, кабыл етилип атырган шешимлерди кабыл етиуде
жергиликли Кеңеслердиң норма дөретиўшилик жумысының сапасы артады хамде Кеңес
қарарларын қабыл етиў процесслеринде ашықлық ҳәм ашық-айдынлық тәмийинленеди.
 

С.Калниязова
Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңеси депутаты