Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Xalq deputatlari Termiz tuman Kengashining navbatdagi doimiy komissiya yig‘ilishi bo‘lib o‘tdi.
янв.21
Tadbirkorlar va o‘zini-o‘zi band qilgan fuqarolar OSHP hududida amalga oshirilgan ishlar faoliyati bilan tanishdi
янв.21
Kengash raisining o‘zi saylangan hududdagi Gulbahor OSHP faoliyati bilan tanishdi.
янв.21
Kengash raisining o‘zi saylangan hududdagi faoliyati
янв.21
Ayritom mahallasida keng qamrovli nazorat-tahlil tadbiri o‘tkazildi: Muammolar o‘rganildi, amaliy yordam ko‘rsatildi
янв.21
Deputatlar tomonidan targ‘ibot ishlarini olib borildi:
янв.21
Nazorat tahlili tadbirid davomida hududdagi bog‘cha hamda maktab sharoitlari o‘rganildi
янв.21
Mahalla yettiligi faoliyati yuzasidan nazorat-tahlil tadbiri o‘tkazildi
янв.21
Deputat nuroniylar holidan xabar olib, hududdagi ishlar bilan tanishdi
янв.21
Deputat hududlarda bo‘lib, aholi bilan ochiq muloqot o‘tkazdi
Пуқаралардың мүрәжатлары унамлы шешилмекте

⏰ Пуқаралардың мүрәжатлары унамлы шешилмекте

🔵Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңеси депутаты А.Аяпов Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы инспекторлары менен биргеликте өзи сайланған "Шымбай гүзары" ҳәм "Қутлы қоныс" мәҳәллелеринде болып, пуқаралар менен ушырасыў өткерди.

🔵Ушырасыў даўамында мүрәжатлардың тийкарғы бөлеги жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў, светофор, жол белгилерин орнатыў ҳәм жаңалаў, сондай-ақ, айдаўшылар тәрепинен тезликти асырмаў мәселелерине қаратылды.

🔵Мүрәжатлар орнына шыққан ҳалда үйренилип, жуўапкер шөлкемлер менен биргеликте бул машқалаларды унамлы шешиў, зәрүр жол белгилери орнатыў ҳәм қосымша қәўипсизлик илажларын көриў бойынша келисимге ерисилди.

🟪Пуқаралардың мүрәжатларына өз ўақтында ҳәм нәтийжели шешим табыў депутатлық искерликтиң тийкарғы бағдарларынан бири болып есапланады.

✔️ Нөкис қаласындағы ең әҳмийетли қарарлар, ушырасыўлар ҳәм жаңалықлар – усы жерде👇

Telegram (https://t.me/nokisdeputat) | Facebook (https://www.facebook.com/NokisDeputati) | Instagram (https://www.instagram.com/deputatlar_kenesi/)

Slide 1 of 3