Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

Шымбай районы ХДП: ДЕПУТАТ ӨЗ САЙЛАЎШЫЛАРЫНА ЕСАБАТ БЕРДИ

Ушырасыўда депутат Х.Абдижалиевтың 2025-жылдың I-шереги даўамында өз сайлаў округинде алып барған жумыслары, соның ишинде, сайлаўшылардың мүрәжатларының шешими, аймақты социал экономикалық раўажландырыў барысында орын алған машқалалардың шешими бойынша есабат берди. 

Сондай-ақ, ушырасыўда депутат Х.Абдижалиев халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў бойынша өзиниң пикир ҳәм усынысларын билдирип, аймақ турғынларының мүрәжатларын тыңлады ҳәм шешими бойынша ўазыйпалар белгилеп алынды.

Ушырасыў соңында депутат Х.Абдижалиев aймақ турғынларының мүрәжатларынан келип шығып, Билим нуры көшесин кесип өтиўши коллектор үстиндеги жарамсыз жағдайға келип қалған көпирдың жағдайын орынға шығып үйренди ҳәм депутат өз есабынан жақын күнлер ишинде бул көпирге оңлаў жумысларын алып барыў бойынша әмелий жәрдем көрсететуғынлығын билдирип өтти.

Slide 1 of 12