Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси баслығы О.Толыбековтың аймақларға бириктирилген белсенди нураныйлар менен ушырасыўы өткерилди.
📌 Ушырасыўда аймақларда мәҳәлле абданлығын тәмийинлеў, жаслар тәрбиясында жуўапкершиликты арттырыў ва нураныйлардың бай тәжирийбесинен натийжели пайдаланыў мәселелери додаланды. Сондай-ақ, аймақлардың социаллық-экономикалық раўажланыўында кексе әўлад ўәкиллериниң орны ва қосатуғын үлеси айрықша екенлиги айтип өтилди.
🔹Илаж даўамында аймақлардағы социаллық социаллық жағдайды жақсылаў, нураныйлардың усыныс ва басламаларын қоллап-қуўатлаў ҳәм де олар менен турақлы бирге ислесиўди жолға қўйыў бойынша ўазыйпалар белгилеп алынды.