Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
"Guliston" mahallasida ijtimoiy himoya: Har bir muhtojga manzilli yordam
янв.21
Farhod mahallasidagi muammo deputat nazoratida
янв.21
"Kokildorota" mahallasida yanagi issiqxona qurilmoqda
янв.21
"Kokildorota" mahallasida I chorak sarhisobi: Ijtimoiy himoya va natijadorlik tahlil qilindi
янв.21
Mahalladagi muammolarni joyida hal etish: Sayyor qabulda muammolar yechimini topdi
янв.21
Termiz shahridagi muammolar deputat nazoratida
янв.21
Obod mahalla — shahar ko‘rki: "Abdulla Avloniy" mahallasida bunyodkorlik ishlari qizg‘in olib borilmoqda
янв.21
Inson qadri uchun: "Yulduz" mahallasida ijtimoiy ko‘mak va amaliy natijalar tahlil qilindi
янв.21
"Shifokor" mahallasida ijtimoiy himoya va hamkorlik: Deputat nazorati amalda
янв.21
Kredit — daromad manbai: "Pattakesar" mahallasida imtiyozli kreditlar natijadorligi o‘rganildi
ОҚЫЎ СЕМИНАРЫ БОЛЫП ӨТТИ

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси басламасы менен Халық депутатлары районлық, қалалық Кеӊеслери депутатларына оқыў семинар өткериў белгиленген. 

Усы тийкарда Қараөзек районы ҳәкимлигиниӊ мәжилислер залында районлық Кеңеске сайланған депутатлар ушын оқыў семинары шөлкемлестирилди. 

Семинарға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси Комитет баслығы Ш. Өтемисов, Жоқарғы Кеӊес депутаты У. Жалменов ҳәм сиясий партиялардың Қарақалпақстан Республикалық Кеңеслери баслықлары қатнасты. 

Семинарда баянатшылар тәрепинен депутатлық искерлигиниң нызамлылық тийкарлары ҳәм сайлаўшылар мүрәжатлары менен ислесиўде депутатлардыӊ орны ҳәм жуўапкершилигин асырыў, олардыӊ сайланған округ аймағындағы машқалалар, мәмлекетлик бағдарламалардыӊ тийисли мәмлекетлик уйымлар тәрепинен орынланыўы үстинен қадағалаў, мәҳәлле ўәкиллери менен ислесиўди еледе күшейттириў бағдарындағы ўазыйпалар бойынша пикир алысылды.

Slide 1 of 1