Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Tuwıw bóliminde korrupciyalıq jaǵdaylardıń aldın alıw boyınsha úyreniw ótkerildi.
янв.21
Deputatlıq qadaǵalaw.
янв.21
DEPUTAT SORAWÍ SHÍǴARÍLDÍ.
янв.21
Xalıq deputatları Taxtakópir rayonlıq Keńes sekretariatı baslıǵı, Keńes deputatı T.Júsipov «Taxtakópir tańı» gazetasınıń 2026-jıl mart ayı 6154-sanında.
янв.21
Xalıq deputatları Taxtakópir rayonlıq Keńesi baslıǵı A.Reyov «Taxtakópir tańı» gazetasınıń 2026-jıl mart ayı 6154-sanında.
янв.21
Oqıwshılar ushın jaratılǵan sport sharayatları úyrenildi.
янв.21
Deputatlar saylawshılar menen ushıraspaqta.
янв.21
Biypul dári-dármaqlar menen támiyinlew jaǵdayı úyrenildi.
янв.21
«Gezektegi turaqlı komissiya májilisi bolıp ótti».
янв.21
DEPUTAT SORAWÍ SHÍǴARÍLDÍ.
Үйрениў жумыслары

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты Б.Утамбетова ҳәм Халық депутатлары Мойнақ районлық Кеңеси депутаты У.Уринбаева районлық «Инсан» социаллық хызметлер орайы тәрепинен, майыплығы бар шахсларға мәмлекет тәрепинен берилген жеңилликлердиң дурыс қолланылыўы жағдайын бир қатар көзден өткерди.

Бәршеңиздиң хабарыңыз бар Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 10-ноябрьдеги "Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри мәлимлеме системасы арқалы кем тәмийинленген шаңарақларды анықлаў ҳәм оларға социаллық напақалар тайынлаў бойынша электрон тәризде арза бериўди енгизиў илажлары ҳаққында"ғы и 596-санлы қарары қабыл етилген болып, қарардың орынланыўы бойынша үйрениўлер алып барылды..

- электрон арза бериў системасының районда әмелде енгизилгенлиги ҳәм халық ушын қолайлылығы;

- система арқалы социаллық напақаларды тайынлаў мүддетлери, мәнзиллилиги ҳәм әдил бөлистирилиўи;

халықтың мүрәжатлары менен электрон режимде ислесиў жағдайы ҳәм процесстиң ашық-айдынлығы сыяқлы бағдарларда үйренилди. 

Slide 1 of 3