Yangiliklar

So‘ngi yangiliklar

янв.21
Taxtakópir rayonında ótkerilgen ulıwmaxalıqlıq qayırqomlıq shembiliginde rayonlıq Keńes deputatları belsene qatnaspaqta.
янв.21
«Deputat qadaǵalawı» joybarı.
янв.21
«Deputat máhállede» joybarı.
янв.21
«Gezektegi turaqlı komissiya májilisi» bolıp ótti.
янв.21
✍️ HÁPTELIK REJE (10–14 mart)
янв.21
Deputatlıq sorawı tiykarında, puqaralar múrájatı unamlı sheshildi.
янв.21
Deputattıń baslaması menen ishki jollar mashqalası sheshilmekte.
янв.21
«Gezektegi turaqlı komissiya májilisi bolıp ótti».
янв.21
"Suw - ómir girewi, máhálledegi mashqalalardıń sheshimine qaray qádem".
янв.21
Ózbekstan Ekologiyalıq partiyası rayonlıq Keńesi deputatlíq toparınıń májilisi bolıp ótti.
ушырасыу

 "МӘҲӘЛЛЕ ЖЕТИЛИГИ"
МЕНЕН УШЫРАСЫЎ.
 

- Бүгин Халық депутатлары Мойнақ районлық Кеңеси депутаты У.Уринбаева ҳәмде
Секретариат баслығы К.Насыровалар “Таллы-
өзек” мәкан пуқаралар жыйынында болып "Мәҳәлле жетилиги"
ағзалары менен ушырасты.
 

- Ушырасыўда аймақтағы "Мәҳәлле жетилиги" ағзалары тәрепинен әмелге
асырылып атырған жумыслардың нәтийжелилиги, атап айтқанда, халықты
кәмбағаллықтан шығарыў, жаслардың бәнтлиги бойынша, халықтың социаллық жәрдемге
мүтәж категорияларына көрсетилетуғын хызметтиң сапалы шөлкемлестирилиўи, кем
тәмийинленген шаңарақларға социаллық напақалар ҳәм материаллық жәрдем тайынлаў
бойынша ислеген жумыслары менен танысты.
 

- Ушырасыў даўамында аймақтағы ишки жоллардын аўҳалы, ишимлик суў тәмийнаты, электр
энергия менен үзликсиз тәмийинлениў ҳәм халықтыӊ бүгинги күндеги социаллық жақтан
қоллап- қуўатланыўы туўралы
пикирлери
менен танысып, 2026-жылда
әмелге
асырылыўы тийис жумыслар белгилеп алынды.
  

Slide 1 of 5