Нөкис районы: "ҚУЎАНЫШ ҲӘМ МЕҲИР ҮЛЕСЕЙИК" АКЦИЯСЫ
♻️ Өзбекстан ХДП Нөкис районлық кеңеси ҳәм Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиндеги партия топары тәрепинен "Ақманғыт" басланғыш партия шөлкеми аймағында “Қуўаныш ҳәм меҳир үлесейик” акциясы өткерилди.
📌 Өзбекстан ХДП Нөкис районлық кеңеси баслығы, Халық депутатлары районлық Кеңесиндеги партия топары басшысы Р.Сапарниязов, Халық депутатлары районлық Кеңесиндеги партия топары ағзалары Ғ.Сабуров, Р.Пурхановлар "Ақманғыт" посёлкалық пуқаралар жыйынында жайласқан "Мүриўбет ҳәм кекселер үйи"нде болып, олардың бүгинги күндеги жағдайлары, материаллық-техникалық тәмийнаты, медициналық хызметлер, жаратылған шараятлар менен танысты.
✅ Иләж даўамында Мүриўбет ҳәм кекселер үйи турғынларына азық-аўқат өнимлери тарқатылып, районлық музыка мектеби қәнигелери тәрепинен концерт бағдарламасы шөлкемлестирилди.