Депутат тәрепинен азык-аўқат ярмаркасының искерилиги үйренилди
✅ Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесине 24-"Қ.Аўезов" сайлаў округынан Өзбекстан Халық демократиялык партиясынан сайланған депутат, Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси баслығы О.Толыбеков райондағы Дийхан базарында шөлкемлестирилген азық-аўқат ярмаркасының искерлигин үйренди.
♻️ Үйрениўлер даўамында ярмаркада халық ушын сатыўға қойылған тийкарғы азық-аўқат өнимлериниң баҳалары ҳәм сапасы көзден өткерилди. Әсиресе, күнделикли пайдаланылатуғын өнимлердиң арзанластырылған баҳаларда сатылыўын тәминлеў, баҳалардың өсиўиниң алдын алыў ҳәм халыққа қолайлы шараятлар жаратыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
✍️ Илаж соңында О.Толыбеков базардағы сатыўшылар ҳәм халық пенен пикирлесип, өнимлердиң үзликсиз жеткерип берилиўин тәмийинлеў ҳәм ярмарка искерлигин жолға қойыў бойынша базар администрациясына тийисли усынысларын берди.