Кеңес баслығы райондағы Жоқары оқыў орынларының жаңа оқыў жылына таярлықларын үйренди
✅ Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси баслығы О.Толыбеков Қарақалпақ мәмлекетлик университети Шымбай факультетинде болып, жаңа оқыў жылына таярлығы ҳәм студентлер турақ-жайының жағдайын үйренди.
♻️ Үйрениў даўамында депутат оқыў аудиторияларының сазлығын, билимлендириў процеси ушын жаратылған шараятларды ҳәм материаллық-техникалық базаның жағдайын көзден өткерди. Буннан тысқары, студентлер турақ-жайындағы жағдайларға — жайлардың тазалығына, жылытыў ҳәм суў системаларының ислеўине, сондай-ақ, жаслардың қәўипсиз ҳәм қолайлы жасаўы ушын жаратылған қолайлықларға айрықша итибар қаратылды.
✍️ Илаж сонында депутат факультет администрациясы ҳәм жуўапкер қәнигелер менен пикирлесип, жаңа оқыў жылын жоқары дәрежеде баслаў, студентлерге мүнәсип шараятларды жаратыў бойынша тийисли усынысларын берди.